Арқа-батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында нуранийлардиң әскерлер ҳәм Нөкис қаласы мектеплериниң жоқары класс оқыўшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Илажды «Нураний қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Ш.Уснатдинов кирис сөз бенен ашып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси, сондай-ақ, 2019-жылдың 27-декабринде Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектепте жаслар менен ушырасыўынан келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде жаслардың  бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, билим алыўы ҳәм кәсип үйрениўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Елимиз басшысының басламасы менен алға қойылған бес әҳмийетли баслама бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Жәмийетимизде халық, әсиресе, жас жигит-қызларымыздың мәнаўий ҳәм билим дәрежесин турақлы раўажландырып барыў, жасларда интакерлик, пидайылық, әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин қәлиплестириў мақсетинде «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға» деген бағдарламалы идея алға қойылмақта. Мүрәжатта жаслар бойынша Қарақалпақстан Республикасынан басланған жаңа басламаларға айрықша итибар қаратылды ҳәм ол елимиз бойынша ен жайдырылатуғын болды.

Жоқары билим аламан, деген жасларға шараятлар жаратылып, мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда кеминде 25 процентке ҳәм келешекте 50-60 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыл етиў мәмлекетлик грантларын 2 есе көбейтиледи.

Бүгинги күни район ҳәм қалаларымызда «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўларында жаслардың машқалалары орынларда үйренилип, тийисли шешимлер қабыл етилмекте. Бул тосыннан емес, әлбетте. Себеби, Президентимиздиң атап өткениндей, жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады.

-Елимизде Президентимиздиң басламасы менен «Нураний» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў, кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта,-дейди «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, сенатор Ш.Уснатдинов.-Бүгинги күни кекселеримиз пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте шаңарақларда тынышлықты ҳәм татыўлықты тәмийинлеў жумысларында да белсендилик көрсетпекте. Усы жылы 12-февраль күни Президентимиздиң басшылығында  мәҳәлле системасын жетилистириў, мәҳәллелерде тынышлық-татыўлықты беккемлеў, жынаятшылықтың алдын алыў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей,  белсендилер, көпти көрген ақсақаллар аймақлардағы ҳәр қандай машқаланы шешиўде, жаслар тәрбиясында олардың орны гиреўли.

-Жасларымызды ана Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда, олар арасында жынаятшылықтың ҳәм ҳуқық бузарлықтың алдын алыўда нуранийлеримиздиң ақыл-нәсиятлары айрықша әҳмийетке ийе,-дейди әскерий бөлим командири, подполковник Шерзоджон Умаров.-Бүгинги күни Қорғаныў министрлиги, оның орынлардағы басқармалары «Нураний» қоры менен тығыз бирге ислесиў бойынша бир қатар илажлар ислеп шығылмақта. Бундағы тийкарғы мақсет, олардың бай турмыслық тәжирийбелеринен пайдаланған ҳалда жасларды әскерий хызметке таярлаў, ҳәр қандай жат иллетлерден аўлақ болыўын тәмийинлеўден ибарат.

Нуранийлар ҳәм жаслар Нөкис гарнизонында әскерий хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.