Қўшни давлатлардан ўқишни кўчириш муддати 15 мартга қадар узайтирилди

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 4-февральдағы 12-санлы протоколы менен қоңсы мәмлекетлер (Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан)деги жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған Өзбекстан Республикасының пуқараларына оқыўды республикамыз жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў бойынша арза тапсырыўға рухсат етилген еди.

Қоңсы мәмлекетлер (Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан)диң жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған студентлер ҳәм олардың ата-аналарынан келип түскен көплеген мүрәжатларды  инабатқа алған ҳалда, пуқараларға қосымша қолайлылық жаратыў мақсетинде арзаларды қабыл етиў мүддетти 2020-жыл 15-мартқа шекем созылды.

Республиканың барлық аймақларында биреўден жоқары билимлендириў мәкемесинде Аймақлық жумысшы топарлар шөлкемлестирилген.

Талапкерлер 2020-жыл 15-мартқа шекем турақлы жасаў аймағында шөлкемлестирилген жумысшы топарға төмендеги ҳүжжетлерди усыныўлары зәрүр:

  •  ✅арза (орнында толтырылады);
  •  ✅рейтинг дәптери ямаса академиялық мағлыўматнама(транскрипт) нусқасы;
  •  ✅паспорт нусқасы;

 

Сырт ел билимлендириў мәкемелеринен студентлер оқыўды республика жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Еслетип өтемиз, пуқаралар тәрепинен Аймақлық  жумысшы топарларға зәрүр ҳүжжетлер дурыс ҳәм толық түрде усынылса, сөзсиз қабыл етиледи.

Оқыўды көшириўде ҳеш қандай имтихан болмайды!

Ўатанласларымыздан өз хызметлерин усынатуғын ҳәр-қыйлы алдаўшыларға алданып қалмаўға шақырамыз.

 

ӨзА