2020 йил ўқишга кириш учун қандай имтиҳонлар топширилади

Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети ҳәм Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте «Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларындағы соңғы өзгерислер» темасында баспасөз-әнжүманы шөлкемлестирилди.

Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер, Нөкис қаласындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында атап өтилгениндей, тек ғана жаслар емес, ал пүткил жәмийетимиз ағзаларының билими, дәрежесин арттырыў ушын бәринен бурын илим-мәрипат, жоқары мәнаўият керек. Илим жоқ жерде қалақлық, жаўызлық ҳәм әлбетте, туўры жолдан адасыў болады.

Ҳәр тәреплеме пуқта дүзилген тест студентликке талабанлардың ой-пикирин, билим дәрежесин қалыс түрде баҳалай алады. Тест системасы өткен жыллар даўамында алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесиндеги ең жақсы тәреплерин өзине сиңдирген ҳалда жетилисип келди. Ҳәр жылы республикамыздың көп санлы жаслары өзлериниң жоқары үмит ҳәм турмыслық режелерин әмелге асырыў мақсетинде жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжет  тапсырады.

Өткен оқыў жылында мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў тест процесслери, көпшилик атап өткениндей, бир қанша ашық-айдын ҳәм әдил түрде өтти. Бул ең дәслеп ҳүкиметимиз басшыларының усы тараўда алып барып атырған дурыс сиясаты, реформалардың нәтийжеси болып есапланады.

Быйылғы оқыў жылы ушын киргизилген өзгерислер ҳәм жаңалықларға тоқталатуғын болсақ, алдынғы жылларда абитуриент ҳүжжет тапсырыў, рухсатнама алыў, тест сынағында қатнасыў ушын бир неше рет жоқары билимлендириў мәкемесине барыўы шәрт еди. 2019-жылдан баслап дизимнен өтиўде экстерриториаллық принципи енгизилди. Нәтийжеде абитуриентлерге жасаў орны ямаса жоқары билимлендириў мәкемесиниң жайласқан аймағына қарамастан, өз аймағындағы мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса өзине жақын Жоқары билимлендириў мәкемесинде дизимнен өтиў имканияты жаратылды.

2020/2021-оқыў жылы ушын болса бул процессти буннан былай да жетилистирип, абитуриент қәлеген жеринде (мәселен, үйинде ямаса билимлендириў мәкемесинде ҳәм т.б.) Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы өз ҳүжжетлерин дизимнен өткериў имканияты жаратылмақта.

photo5337280980735602189.jpg

Пәнлердиң топламы, тестлердиң саны ҳәм баҳалаў өлшеми 2019-жылдың 19-декабрь күни Билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 11-санлы протоколы менен тастыйықланды. Соның ишинде, ҳәр бир пән бойынша сораўлардың саны да тастыйықлап берилди. Бунда мәжбүрий пәнлер: ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тиллери), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлериниң ҳәр биринен 15 тен сораў бериледи. Жәми болып мәжбүрий пән блогында 45 сораў болады.

Алдын тест сораўларына 1.1, 2.1, 3.1 баллар берилген болса, 2020/2021-оқыў жылынан баслап мәжбүрий пәнлер бойынша берилген ҳәр бир дурыс жуўап ушын бир түрде – 2.1 балл бериледи. Абитуриент мәжбүрий блоктағы 45 сораўдың ҳәммесине дурыс жуўап берген жағдайда 94.5 балл алады.

Тест сынақларында қәнигеликке байланыслы 2 пәннен сораў болады. Ҳәр бир пәннен 30 дан сораў берилген болып, еки пән бойынша берилген дурыс жуўап 3.1 балл менен баҳаланады. Бир пән бойынша максимал 93, еки пән бойынша болса 186 балл жыйнаў мүмкин. Усы тәризде бес пәннен берилетуғын барлық 105 сораўға дурыс жуўап берген жағдайда 280.5 балл жыйнаў мүмкин болады.

Мәжбүрий пәнлер бойынша тест тапсырмаларының үлгилери 2019-жылдың 22-30-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Бухара, Жиззақ, Наманган, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласындағы академиялық лицей ҳәм мектеплердиң питкериўшилери қатнасыўында апробациядан өткерилди. Сондай-ақ, мәжбүрий пәнлерден қәлиплестирилген тест тапсырмалары онлайн апробациядан өткериў жумыслары да шөлкемлестирилди. Бул процессте қатнасыў тилегин билдирген талабанларға Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайты арқалы мәжбүрий пәнлер бойынша тест тапсырмаларының үлгилерин алыў ҳәм апробацияда қатнасыў, бул арқалы өз билимлерин сынап көриў имканияты жаратылды.

Кейинги жылларда абитуриентлерде кириў имтиханларына таярланғанда, тийкарынан 2 ямаса тек ғана биринши блоктағы пәнди жақсы өзлестирип, студент боламан, деген көзқарас қәлиплесип қалды.

Жаңалықлардан тийкарғы мақсет, оқыўшылардың тек ғана бир пәнди үйренип, жоқары билимлендириў мәкемесине кириўин емес, ал олардың дүньяға көзқарасының кеңейиўине бағдарланған. Ендигиден былай олардың улыўма билим бериў мектеплеринде оқытылатуғын пәнлерди бир түрде үйренип барыўы талап етиледи. Бул оқыўшының мектеп пәнлерин үйрениўге, сондай-ақ, әўерегершиликтиң алдын алыўға да қаратылған.

Қосымша 3 пәннен тест тапсырыўы көпшиликке жаңалық ҳәм оғада қыйын деп қаралады. Бирақ мәжбүрий пәнлер бөлиминдеги тест тапсырмалары, биринши гезекте, оқыў бағдарламалары бойынша әпиўайы түрде, абитуриенттиң улыўма билими, логикалық пикирлеўи ҳәм таяныш билимлерин баҳалаўға бағдарланған биринши қыйыншылық дәрежесинде болады.

Әлбетте, оқыўшылар жоқары классларда тереңлестирилген ҳалда өзине керекли пәнди үйрениўи мүмкин. Бирақ ҳәр бир оқыўшы улыўма билим бериў мектебинде белгиленген бағдарламаны үйренип, толық түрде ҳәр тәреплеме раўажланған болып мектепки питкериўи зәрүр. Мине усы көзқарастан, сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда ҳәм питкериўшилеримиздиң дүньяға көзқарасы ҳәр тәреплеме кең болыўы керек екенлигин есапқа алып, жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларына мәжбүрий пәнлер бөлими қосылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы