Өткен 2019-жылдың 12 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы ПҲАЖ уйымлары тәрепинен 14,2 мың неке дизимге алынған. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы хабар берди.

2018-жылға салыстырғанда неке дүзиў бойынша ең жоқарғы көрсеткишлер Нөкис қаласы (17,6%), Шоманай (9,8%), Қанлыкөл (9%), Нөкис (4,2%) районлары үлесине туўра келеди.

Сондай-ақ, өткен жыл даўамында улыўма 1,2 мың некеден ажырасыў жағдайлары ПҲАЖ уйымларында дизимге алынған.

Некеден ажырасыў бойынша жоқары өсим пәтлери Тахтакөпир (46,7%), Қанлыкөл (15,2%) ҳәм Шымбай (6,9%) районларына туўра келген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.