Өткен жылдың январь-декабрь айлары аралығында Қарақалпақстан Республикасында 41,3 мың баланың тири туўылғанлығы есапқа алынған. Туўылыў коэффициенти 21,9 промиллени қурап, туўылыўшылық 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,3 промиллеге көбейгени бақланды. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы хабар берди.

Соның менен бирге, өткен жылдың 12 айы даўамында Қарақалпақстанда 8,5 мың адамның қайтыс болыў жағдайы дизимге алынған болып, өлимшилик коэффициенти 4,5 промиллени қурады. Өлимшилик коэффиенти 2018-жылға салыстырғанда 0,1 промиллеги азайғаны бақланды.

Өткен жыл даўамында қайтыс болғанлардың 56,3% и қан айланыў системасы кеселликлери, 12,3% и өсимтелер, 8% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлар, 4,2% и ас сиңириў, 3,8% и дем алыў органлары, 1% и жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлерден, сондай-ақ, 14,4% и басқа кеселликлер ақыбетинде өмирден көз жумған.

2019-жыл даўамында Қарақалпақстанда 0,4 мың 1 жасқа толмаған балалардың қайтыс болғанлығы дизимге алынған.

1 жасқа толмаған балалар өлимшилиги себеплерин анализлеп қарағанда, 76,6% и перинатал дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлар, 8,7% и дем алыў органлары кеселликлери, 6,5% и туўма аномалиялар, 0,7% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлар, 0,7% и жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлер, 0,7% и ас сиңириў органларындағы кеселликлерден, және 6,1% и басқа кеселликлерден қайтыс болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.