Усы жылдың 1-февраль күнинен 1-мартқа шекем жаслар арасында нәшебентликке қарсы гүресиў айлығы деп жәрияланып, орынларда бул бағдарда үгит-нәсият ҳәм профилактикалық илажлар өткерилмекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында өткерилген усындай илажға Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығының биринши орынбасары, подполковник А.Тәжимбетов, ҚР ИИМ Жынаят излеў басқармасы хызметкери А.Нийетуллаев, Республикалық наркологиялық диспансериниң нарколог шыпакери Р.Атаназаров ҳәм институт студентлери қатнасты.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар соңғы жыллары Қарақалпақстанда жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың азайғанын, буны ҳәттеки, мәмлекетимиз басшысы да өз баянатларында атап өтип, Қарақалпақстанды басқа аймақларға үлги сыпатында көрсетип өткенлигин атап өтти.

Солай болса да, тараўда өз шешимин күтип турған машқалалар баршылық. Өткен 2019-жыл даўамында Қарақалпақстанда улыўма 348 жынаят жаслар тәрепинен әмелге асырылған болып, олардың 20 сы жоқары оқыў орынларының студентлери, 15 и орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары, 363 жынаят оқымайтуғын, жумыс ислемейтуғын жаслар тәрепинен әмелге асырылған. Жаслар тәрепинен өткен жыл даўамында 27 434 ҳуқықбузарлықлар әмелге асырылғаны дизимге алынған болса, соннан 1607 си 30 жасқа шекемги ҳаял-қызлар тәрепинен, 25 827 си еркек адамлар тәрепинен әмелге асырылғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша нәшебентлик затлар менен байланыслы улыўма 81 жынаят дизимге алынған болса, соннан 5 жынаят жаслар тәрепинен әмелге асырылғаны тараўда еле де нәтийжели профилактикалық жумысларды күшейтиўге бағдарлайды.

Илаж даўамында нәшебентлик затлардан пайдаланыўдың адам денсаўлығына, оның социаллық статусына, жақын-жуўықлары менен қарым-қатнасына кери тәсирин тийгизетуғынлығы, буның ақыбети аўыр болатуғынлығы атап өтилди.

Ушырасыўда нәшебентлик затлардан пайдаланыўдың ақыбетлери ҳаққында сөз ететуғын видеоролик студент-жаслар итибарына усынылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.