Соңғы жылларда республикамызда газ ийсинен зәҳәрлениў жағдайлары менен байланыслы болған айрықша жағдайлар көп жүз бермекте. Әсиресе, бундай жағдайлар гүз-қыс мәўсиминде көп ушыраспақта.

Бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен орынларда профилактикалық илажлары өткерилмекте.

Усы мақсетте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестирилген илажға Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы бөлим баслығы, подполковник Д.Реймов, Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлиминиң баслығы, подполковник Ж.Жубанышев, институттың бир топар студентлери қатнасты.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Ушырасыўда жаслар арасында, әсиресе, узақ аймақлардан келип, студентлер турақ жайлары, сондай-ақ, ижарада жасап атырған студентлердиң газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў, усындай унамсыз жағдайлар болып қалғанда қандай ҳәрекетлерди ислеў кереклиги бойынша тараў ўәкиллери тәрепинен кең түрде түсиниклер берилди.

Газ ийсинен зәҳәрлениў ҳәр бир тутыныўшының үйинде пайдаланып атырған тәбийғый газдиң толық жанбаўы ақыбетинде жүзеге келеди. Бул адам организминиң дем алыў жоллары ҳәм органларына күшли тәсир етип, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди.

Республикамызда бундай унамсыз жағдайлар газ плитасының қараўсыз қалғанлығы, печь морысының тығылыўы, суў жылытыў шақапшасының қараўсыз қалдырылыўы, стандартларға жуўап бермейтуғын жылытыў үскенелеринен пайдаланыў сыяқлы итибарсызлықлар ақыбетинде келип шықпақта.

Бөлмеге тәбийғый газ толып қалғанын сезгенде бөлмениң айналарының көзлерин ашып, самаллатыў, бөлмедеги электр үскенелерин қоспаў, қосылып турған болса өширмеў, бөлмеде ушқын шығарыўшы затлардан пайдаланбаў, газ қулақларын бекитиў, егер буның илажы болмаса, трубалардың жарылған, сынған, тесилген жерлери болса авариялық газ хызметине хабар бериў кереклиги жыйналғанларға түсиндирилди.

Илажда жаслар арасында аўқаттан зәҳәрлениў, жол-транспорт ҳәдийселери сыяқлы айрықша жағдайлар профилактикасы бойынша да мағлыўматлар берилип, мағлыўматнамалар, флаерлер тарқатылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.