«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети  iOS негизиндеги мобиль телефонлар ушын «Uzrailways tickets» электрон билетлерди сатыў бойынша жаңа қосымшаны ислеп шықты. Ҳәзирги ўақытта сервис сынақ тәртибинде қолланылмақта.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң мағлыўматларына бола, «Uzrailways tickets» қосымшасының функциялары миллий темир жол тасыўшысының сайтында ҳәзирги бар қосымшаның функциялары менен бирдей. Ол электрон дизимнен өтиў, электрон жол ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ямаса билетти қайтарыў имканиятын береди. Оннан тысқары, «Android» операциялық системасындағы смартфонлар ушын усы бағдарламаның версиясы жаңаланған.

Ҳәзирги ўақытта электрон билетлерди «Uzrailways tickets» қосымшаларының еки версияларынан пайдаланған ҳалда жергиликли төлем системалары арқалы сатып алыў мүмкин. Өндирисшилердиң мөлшерлери бойынша жақын ўақыт ишинде бул сыяқлы төлемлерди «Viza» ҳәм «Master Сard» пластикалық карталар  жәрдеминде де әмелге асырыў мүмкин болады.

 

Роман БОНДАРЧУК,

ӨзАның хабаршысы