Хабар берип атырғанымыздай, дәслеп Қытайдың Хубей провинциясында ушыраған жаңа коронавирус инфекциясы дүньяның отызға шамалас мәмлекетине кирип барды. Бул жағдай Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен халықтың денсаўлығын сақлаў тараўындағы халықаралық дәрежедеги айрықша жағдай деп жәрияланды.

Тийисли жуўапкер шөлкемлер тәрепинен бул кеселликтиң мәмлекетимизге кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен коронавирус кеселлигиниң алдын алыў бойынша усыныслар ислеп шығылды. Оған бола ҳәр бир инсан саламат турмыс тәризин алып барыўы, қолларын турақлы түрде сабын менен жақсылап жуўы, жөтелгенде ямаса түшкиргенде бир мәртелик салфеткалардан пайдаланыў, тек ғана қайнатылған ямаса қадақланған суўдан пайдаланыў керек. Сондай-ақ, гигиеналық маскалардан пайдаланыў шәрт. Егер дене температурасы көтерилип, жоқары дем алыў жоллары кеселликлерин сезсеңиз жеделлик пенен шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

Еслетпе: жөтел, дем қысыўы, өкпе жетиспеўшилиги, дене температурасының көтерилиўи, иш аўырыўы, қусыў сыяқлы жағдайлар коронавирус кеселлигиниң белгилери болыўы мүмкин!

 

Моҳигул ҚОСИМОВА, ӨзА