Усы жылдың 31-январь күни Хожели районындағы «Сарышүңгил» АПЖ аймағында жайласқан «Хожели талшығы» АЖда қараўыл болып ислейтуғынлар, район турғынлары, бир топар пуқаралар районлық Ишки ислер бөлими жынаят излеў бөлими баслығына пара берип атырған ўақытта айғақлы дәлиллер менен қолға алынды. Бул ҳаққында ҚР ИИМ Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, жәмийет қараўыллары ҳәм районның бир топар пуқаралары усы жылдың 29-январь күнинен 30-январьға өтер түнде өзлери қараўыллық етип атырған «Хожели талшығы» акционерлик жәмийетинен улыўма 13 қалтадағы пахта шигитин жасырын түрде алып шығып баратырғанда районлық Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен иркилген. Соң олар усы жағдай бойынша топланған ҳүжжетлерди шара көрместен өзлериниң пайдасына шешип бериў ушын ишки ислер уйымы хызметкерине 4 миллион сум бериўди усыныс еткен.

31-январь күни олар келисилген пулды ишки ислер уйымы хызметкерине берип атырған ўақытта Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Өзбекстан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланды.

Жағдай бойынша Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен ӨзР ЖКның 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылып, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.