«Facebook» социаллық тармағындағы «Халқ назорати – Народный контроль» жәмийетлик топарында «Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ислейтуғын оқытыўшылардың мийнет ҳақысынан 250 мың сумнан күнделикли басылымларға мәжбүрий жазылыўға услап қалып атырғаны» ҳаққындағы пост жәрияланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында күнделикли басылымларға мәжбүрий түрде жазылыўды шөлкемлестириў ҳәрекетлери жоқ екенлигин мәлим етемиз. Социаллық тармақларда тарқатылып атырған бундай мазмундағы хабарлар тийкарсыз болып есапланады.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты күнделикли басылымлар – газета ҳәм журналларға мәжбүрий түрде жазылыўды шөлкемлестириўге пүткиллей қарсы болып, бундай жағдайларға қарсы  гүресиў ҳәм алдын алыў мақсетинде институт профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм басқа да жумыс ислейтуғын хызметкерлер арасында түсиндириў жумыслары алып барылған. Егер институтта газета-журналларға мәжбүрий жазылыў жағдайлары анықланса нызам шеңберинде кескин шаралар көрилетуғынлығы ескертилген.

Соның менен бирге, усы сыяқлы мәжбүрий жазылыўды шөлкемлестириў жағдайларына дус келгенде институттың +99861 2294062 исеним телефон номерине ямаса институт басшыларына мүрәжат етиў кереклиги түсиндирилген.

Профессор-оқытыўшылар өзлериниң илимий жумыслары, қәнигелиги ҳәм қызығыўшылығына қарай, ҳеш кимниң мәжбүрлеўисиз, өзлери сайлаған күнделикли басылымларға жазылды. Жазылыў мапазы 2019-жылдың 25-декабрь күнинен баслап тоқтады.

Соның менен бирге, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар арасында илимий-әдебий китаплар ҳәм күнделикли басылымларды оқып барыўды үгит-нәсиятлаў, дөретиўши жасларды хошаметлеўге бағдарланған ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайды, бирақ, ҳеш кимди күнделикли басылымларға жазылыўға мәжбүрлемейди.

Егер күнделикли басылымларға мәжбүрий жазылыў менен байланыслы жағдайларға дус келсеңиз институттың +99861 2294062 исеним телефон номерине ямаса институт басшыларына мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети