Усы жылдың 3-февраль күни Елликқала районындағы 25-санлы мектепте Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған бес баслама шеңберинде республикалық көлемде «Улыўма билим бериў мектеплеринде 5 баслама» фестивалы өткерилди.

Фестивальда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бойынша жеңисти қолға киргизген мектеплердиң топарлары сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң орынбасары Д.Кенжаев, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов, Хорезм ўәлаяты халық билимлендириў басқармасы баслығы Х.Бектемиров, Елликқала районының ҳәкими С.Авезов, сондай-ақ, қала ҳәм районлардағы халық билимлендириў бөлимлериниң басшылары, ҳәким орынбасарлары қатнасты.

Бул фестиваль оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, руўхый дүньясын байытыў, мәдений қәбилетин раўажландырыў, оларды спортқа тартыў, мәлимлеме технологияларына ҳәм китапқумарлыққа болған қызығыўшылықларын оятыў, оқыўшы-қызлардың жәмийетлик турмысқа белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Өткен жылдың октябрь-ноябрь айларында улыўма орта билим бериў мектеплеринде 5 басламаны өз ишине қамтып алған илажлар өткерилди. Илажларда фото ҳәм видеоға түсирилген көринислерден 5 минуттан көп болмаған бес видеоролик таярланды.

Фестиваль 2 басқышта өткерилип, улыўма орта билим бериў мектеплери тәрепинен таярланған видеороликлер www.facebook.com социаллық тармағында ашылған 5tashabbus_maktabda топарына жайластырылды. Топарда ең көп көрилген ҳәм тарқатылған видеороликлер таңлап алынып, жумысшы топар тәрепинен таңлаў режеси талапларына бола, 10 өлшем бойынша баҳаланды.

Нәтийжеде 5 бағдар бойынша ҳәр бир аймақтан 5 биринши, 5 екинши ҳәм 5 үшинши орын, жәми 210 видеоролик жеңимпаз болды.

Жеңимпаз болған улыўма орта билим бериў мектеплери Халық билимлендириў министрлигиниң арнаўлы дипломы ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.