Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Гүлистан Аннақлычева Нөкис қаласындағы «Әмиўдәрья» мәҳәлле пуқаралар жыйынының аймағында жасаўшы халық ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери, ақсақаллар, аналар, жаслар менен ушырасты.

24-санлы мектептиң мәжилислер залында болып өткен мәжилисте Сенатор Гүлистан Аннақлычева Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Парламентке жоллаған Мүрәжаты ҳәм онда кейинги жылларға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары ҳаққында баянат жасады.

Сондай-ақ, мәжилисте көп балалы аналар, турақ жайға мүтәж пуқаралар, кем тәмийинленген шаңарақлар, бәнтлик мәселелерин шешиўдиң мәмлекетимиз нызамшылығында белгиленген тәртиби тийкарында бул машқалаларды жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте шешиў мәселелери бойынша илажлар белгиленди.

Сенатор Президентимиздиң Парламентке жоллаған Мүрәжатынан келип шығып ислеп шыққан жол картасындағы ис режелери ҳәм илажлар тийкарында буннан былай мәҳәллелерге, ҳәр бир шаңараққа олардың машқалалар шешими бойынша турақлы келип турыўы бойынша келисип алынды ҳәм бир қатар сораўларға жуўап берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги