Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм журналистлер алдына қойылған тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды университеттиң журналистика кафедрасының баслығы Д.Бекбаўлиев басқарып барды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасының баслығы А.Бекмуратов, «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы К.Реймов, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Б.Нурабуллаев, «Ғәрезсизлик ҳәм нызам» газетасының бас редакторы П.Хабибуллаев, «Жеткиншек» газетасының бас редакторы А.Ембергенов, сондай-ақ, журналистика бағдарының студентлери қатнасты.

«Өткен 3 жыл даўамында Өзбекстанда сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, журналист ҳәм блогерлердиң еркин жумыс алып барыўы ҳәм дөретиўшилик етиўи ушын ҳуқықый тийкарлар ҳәм кең имканиятлар жаратылды. Буннан кейин де «төртинши ҳәкимият» ўәкиллериниң еркин ҳәм қалыс жумыс алып барыўы, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жедел реформаларды халқымыз ҳәм халықаралық жәмийетшилик ушын ашық-айдын сәўлелендириўи ушын барлық шараятлар жаратамыз.

Орынлардағы машқала ҳәм кемшиликлерди ашық-айдын ашып бериў, оларды әдил түрде сәўлелендириўинде мен профессионал журналистлерди бәрқулла ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярман», – деп айтып өткен еди мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис палаталарына жоллаған Мүрәжатында.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен айтылған усы сөзлер ҳәр бир журналисттиң еле де халықтың арасына терең кирип, олардың турмысын үйренип, машқалаларын унамлы тәрепке шешиўге, жәмийетлик пикирди қәлиплестирип, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлеслерин қосыўға күш-ғайрат бағышлайды.

Ушырасыўда журналистлик кәсиптиң жуўапкершилиги ҳәм тараўда әмелге асырылыўы жобаластырылып атырған соңғы өзгерислер, олардың әмелий әҳмийети, интернет журналистикасын раўажландырыў мәселелери ҳаққында кең түрде пикир алмасылды.

Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына ғалаба хабар қураллары басшыларынан жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги