Шаңарақ қурғанына бес жыл толмай турып ажырасыў нийетинде жүрген жас шаңарақларды көрип, олар бул жағдайға қалайынша түсип қалды? Не ушын шаңарақтың муқаддес екенлигин умытып, балаларын да ойламай ажыраспақшы болды? деген сораў туўылады. Олар ушын не әҳмийетли, бахытлы болыўы ма ямаса өзиникин дурыс, деп есаплаўы ма?

Нөкис гарнизонындағы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында подполковник Ш.Умаров басшылық етип атырған әскерий бөлимдеги әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының қатнасыўында өткерилген ушырасыўда усындай сораўларға жуўап табыў мақсетинде, «Шаңарақтағы руўхый әдеп-икрамлылық орталықты жақсылаў даў-жәнжеллердиң, менталитетимизге қайшы келетуғын қәўиплердиң алдын алыў, шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Оған Нөкис әскерий прокуратурасы, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайының Тақыятас районлық бөлими, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қәнигелери қатнасып, шаңарақта еркек ҳәм ҳаялдың миннетлери менен жуўапкершиликлери туўралы түсиниклер берилди.

Дөгерек сәўбетинде психологлар тәрепинен үй бийкелери ушын психологиялық тренинг өткерилип, шаңарақта пайда болған машқалаларды сапластырыў бойынша мәсләҳәтлер берилди.

Илаж соңында қәнигелер тәрепинен жеке сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.