Усы жылдың 31-январь күни Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры шөлкемлестириўшилериниң жыйналысы болып өтти. Жыйналыста Жәмийетлик қордың Қәўендерлик кеңесиниң қурамы қәлиплестирилди, деп жазбақта жәмийетлик қордың Телеграм каналы.

Жәмийетлик қордың уставына муўапық қабыл етилген қарарға муўапық, Комил Алламжонов Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры Қәўендерлик кеңесиниң баслығы, Саида Мирзиёева оның орынбасары етип сайланды.

Мағлыўмат ушын, Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қорының тийкарғы мақсети ғалаба хабар қуралларын еле де раўажландырыў және журналист ҳәм блогерлердиң ҳуқықларын әмелге асырыўға көмеклесиў, мәмлекетте сөз еркинлигин беккемлеўде жәмийетшилик институтының ролин арттырыў, Өзбекстанның халықаралық имиджин еле де жақсылаўға көмеклесиў ҳәм басқалардан ибарат.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.