Ҳәзирги ўақытта инсаниятқа үлкен қәўип туўдырып атырған  наркотикалық заттың пуқараларымыз арасында айланысына шек қойыў, халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмыста жасаўы ушын ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен барлық зәрүр илажлар көрилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, усындай илажлардың бири басқарманың Контрабанда ҳәм бажыхана нызам бузыўшылығына қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилди.

Тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте Хорезм ўәлаятының Үргенш қаласы аймағында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара А.Б. шәртли қарыйдарға 1 дана көк реңдеги бет орамалға оралған ҳәм полиэтилен пакеттиң ишинде жайласқан салмағы 102,26 грамм болған «героин» наркотикалық затты 2000 АҚШ долларына сатып атырған ўақтында иркилди.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.