МЕДИАТУР 

Республикамыз ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер ҳәм белсенди жаслар Президентимиздиң басламасы менен бүгинги күнде кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып атырған Қанлыкөл районында болды.

Дәслеп  қатнасыўшылар ушын баспасөз әнжуманы болып өтти. Илажда район ҳәкими Дәўлет Толыбаев  өткен «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда  әмелге асырылған жумыслар, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатынан келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, республикамыздың барлық аймақлары сыяқлы Қанлыкөл районында да соңғы жыллары айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткен жылдың 22-февраль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усы тийкарда районды абаданластырыў, инфраструктура объектлерин қурыў ҳәм оңлаў, инженерлик-коммуникация тармақларын раўажландырыў бойынша бағдарлама қабыл етилди ҳәм бул ушын 96 миллиард 799 миллион сум қаржы ажыратылды.

Бағдарлама бойынша өткен дәўир ишинде «Жайҳун» стадионы, «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 2 миллиард 400 миллион сум болған, 150 ҳаял-қыз мийнет ететуғын тигиўшилик цехы, Мәмлекетлик хызметлер орайы, Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў орайы, Мәденият, Жаслар орайлары,  районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы орайлық поликлиника ҳәм басқа да имаратлар қурып питкерилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Соның менен бирге, Инвестициялық бағдарламаға муўапық 14 миллиард 448 миллион сумлық, «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша 25 миллиард 697 миллион сумлық қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылды. Өткен жылы районда 220,2 миллиар сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болса, соннан 80,1  миллиард сумлық өним ямаса 36,4 проценти киши бизнес субъектлериниң үлесине туўра келди. Райондағы ири санаат кәрханаларынан есапланған «Kanteks invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң иске түсирилиўи менен 600 жаңа жумыс орны жаратылды. Бул жерде ислеп шығарылып атырған өнимлер Россия Федерациясы, Түркия, Польша ҳәм Украина еллерине экспорт етилмекте.

Президентимиздиң атап өткениндей, тийкарғы мақсет, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын жетерли шараятлар жаратып бериў болып табылады.  Яғный, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек». Усы көз-қарастан қарағанда, олардың турмысында ушырасып атырған күнделикли машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыўда орынлардағы Халық қабыллаўханаларының атқарып атырған хызмети айрықша болмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районындағы Халық қабыллаўханасына өткен жылы пуқаралардан 185 мүрәжат келип түскен болса, соннан 178 мүрәжат унамлы шешимин тапқан.

Бүгинги күнде елимизде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысларын жетилистириў, мектепке шекемги балаларды қамтып алыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бағдарлама тийкарында райондағы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 2 миллиард 466,1 миллион сумлық, 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 1 миллиард 599,8 миллион сумлық реконструкция жумыслары алып барылды. Буннан тысқары, районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы қәнигелестирилген, 18-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде де оңлаў жумыслары әмелге асырылды. «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы еки қабатлы 19 турақ жайда 2 миллиард 684 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған болса, район орайындағы орайлық көшелерде заманагөй типтеги жойбар тийкарында 22 турақ жайдың қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Быйылғы жылы да районда бир қатар жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Атап айтқанда. 2021-жылға шекем улыўма баҳасы 120 миллиард 767 миллион сумлық 18 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 474 жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта. Усы жылда пиллени қайта ислейтуғын «Қанлыкөл пиллеси» кәрханасы иске түсириледи ҳәм 250 жаңа жумыс орны жаратылады. Өткен жылы район бойынша 1 миллион 400 мың АҚШ доллары муғдарындағы өним экспорт етилген болса, быйылғы жылы бул көрсеткишти 9 миллион 810 мың АҚШ долларына жеткериў режелестирилген. «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында ең шетки аймақ есапланған «Қанлықөл» аўыл пуқаралар жыйынында, «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйынында абаданластырыў жумыслары алып барылады.

Баспасөз әнжуманында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илаж қатнасыўшылары районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы орайлық поликлиникада,  «Китап» монументинде, «Билимсиз инсанның жәмийеттеги орны» естелигинде, Мәмлекетлик хызметлер орайында, 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде, 90-жыллар буйымлары музейинде, «Kanteks invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде, «Жайҳун» стадионында, Жаслар ҳәм Мәденият орайларында болып, жумыслар менен танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм район ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илаж қатансыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.