Ташкентте Өзбекстан – Корея Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика бирге ислесиў орайының ашылыў мәресими болып өтти.

Мәресимде Корея Республикасының мәмлекетлик басқарыў ҳәм қәўипсизлик министриниң орынбасары Юн Жон Ин басшылығындағы делегация да қатнасты.

2019-жыл 17-декабрь күни Кореяның Сежонг қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасының миллий агентлиги ҳәм Корея Республикасының Мәмлекетлик  басқарыў ҳәм қәўипсизлик министрлиги арасында  бирге ислесиў орайын шөлкемлестириў ҳаққында келисимге қол қойылып, жойбарды әмелге асырыў ушын Қубла Корея тәрепинен 3 жыл мүддетте 2 миллион АҚШ доллары муғдарында грант ажырытылыўы белгиленген еди.

– Бирге ислесиў орайы санлы экономикаға бағдарланған болып, Өзбекстан ҳүкиметиниң мәмлекетлик хызметлериниң сапасын жәҳән стандартлары дәрежесине көтериў мақсетине толық сәйкес келеди, – деди Юн Жон Ин. – Биз жоқары технологиялар тараўында ерискен табысларымызды бирге бөлисиўге қарар еттик. Санлы экономиканы раўажландырыў бағдарында Өзбекстан менен бирге ислесип атырғанымыздан қанаатланамыз.

Орайдың тийкарғы ўазыйпасы мәмлекетимизде Электрон ҳүкимет системасын таллаў ҳәм изерлеўлер тийкарында раўажландырыў бойынша стратегиялық бағдарларды ислеп шығыўдан ибарат. Сондай-ақ, санлы экономиканы жетилистириў, мәлимлеме системаларын енгизиўди муўапықластырыў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасын арттырыўға қаратылған маркетинг ҳәм инновациялық изертлеўлер өткериў, электрон коммерция тараўында исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў орайдың жумысы болып есапланады.

Илаж шеңберинде Электрон ҳүкимет тараўында бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Корея кеңесиниң ушырасыўы да болып өтти.

Ушырасыўда заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў, оқыў бағдарламаларын шөлкемлестириў ҳәм электрон ҳүкимет тараўында тәжирийбе алмасыў, биргеликте изертлеўлер өткериў бағдарында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келеси режелер белгилеп алынды.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы