Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен және бир қолайлық жаратылмақта. Быйылдан баслап жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарына оқыўға кириў тест сынақларында қатнасыў ушын абитуриентлерди дизимге алыў бир қанша әпиўайыластырылады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Быйылғы жылы өткен жылдағыдай усы мәселе менен байланыслы кемшиликлердиң жүз бермеўин тәмийинлеў, абитуриентлерге қолайлы шараят ҳәм имканият жаратыў мақсетинде бундай хызметти көрсетиўши Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан тысқары Мәмлекетлик тест орайы да абитуриентлерге өзиниң рәсмий сайты арқалы дизимнен өтиў хызметин енгизбекте.

Абитуриент үйинен шықпастан дизимнен өтиў, билимлендириў бағдарларын сайлаў имканиятына ийе болады. Бундай имканият ҳәм қолайлықлардан андроид операциялық системасындағы мобиль қосымша арқалы да пайдаланыў жолға қойылады.

Ҳәзирги ўақытта абитуриентлерди дизимге алыў системасы апробациядан өткерилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.