Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасының Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлиминиң хабар бериўинше, соңғы жыллары мәмлекетимизде санитариялық-эпидемиологиялық турақлылықты сақлаў, қоршаған орталықтың тазалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм инсан саламатлығын ҳәр тәреплеме қорғаўды тәмийинлеў, санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў хызметиниң жумысларын заманға сай алға илгерилетиў, сондай-ақ, бул тараўда тәжрийбели кадрлар менен тәмийинлеўде бир қатар ислер әмелге асырылды.

Бирақ, соны да айрықша атап өтиў орынлы, усы алып барылған жумысларға қарамастан тараў хызметине тосқынлық етиўши бир қатар машқалалар, шешилиўи тийис мәселелер де келип шықты.

Өткен жылы 9-сентябрдье мәмлекетимиз Президенти тәрепинен «Өзбекстан Республикасында санитариялық-эпидемиологиялық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы жүзеге келген усындай машқалаларды сапластырыў, ең баслысы халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў, жумысларын басқарыў ҳәм муўапықластырыўдың нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, яғный оның ҳәр тәреплеме әҳмийетин көтериўге қаратылмақта.

Усы пәрман тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында санитариялық-эпидемиология қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм аймақлық басқармалары, ал Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында болса, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги шөлкемлестирилди.

Биз өз гезегинде Президентимиз пәрманына муўапық қайта шөлкемлестирилген бул тараўлардың алдынғы Республикалық Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў орайынан өзгешелиги, алдағы ўақытлары бул еки тараўға қойылатуғын ўазыйпалар менен жақынрақ танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Мурат Утениязовтан айтып бериўин сорандық.

­ Сыр емес соңғы жыллары түрли жуқпалы кеселликлердиң пайда болып атырғанлығы, азық-аўқатлық өнимлер менен байланыслы халық арасында ушырасып атырған аўқаттан зәҳәрлениў жағдайларында бир неше адамлардың жәбирлениўлери бақланбақта.

Әсиресе, бунда қоршаған орталық, ишимлик суўы, азық-аўқатлық өнимлердиң қәўипсизлиги менен қатар, бизге әпиўайы ғана түйилген санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етпеўи, тазалыққа болған немқурайдылығынан келип шықпақта, десек асыра айтқан болмаймыз.

Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясы санитариялық-эпидемиологиялық жумысларды қадағалаўда басқа органлар менен бирге ислесиўди тәмийинлеў, азық-аўқатлар менен байланыслы болған кеселликлер үстинен миллий мониторинг алып барыў, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен санитария қағыйдалары ҳәм гигиеналық нормативлерге әмел етилиўде белгиленген тәртипте тексериўлер өткериў, анықланған кемшиликлерди сапластырыўда көрсетпелер усыныў ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық нызам бузылыў жағдайларын анықлаў, бул бағдарда нызам бузыўшыларға белгиленген тәртипте шаралар көриў, исбилерменлик субъектлерине қараслы халыққа турмыслық хызметин көрсетиўши, улыўма аўқатланыў кәрханалары, саўда орынлары, азық-аўқат ислеп шығарыў кәрханаларында, сондай-ақ, басқа да өндирислик ҳәм ислеп шығарыў объектлердиң санитариялық талапларға жуўап бериўи үстинен қадағалаў жумысларын алып барыўдан ибарат.

Ал Агентлик жумыслары болса, халықтың санитариялық-эпидемиологиқ тынышлығы тараўында санитариялық үгит-нәсият жумысларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыў, мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў, жуқпалы-паразитар кеселликлердиң келип шығыўы ҳәм мәмлекетимиз бойлап жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўының алдын алыў, себеплерин анықлаў, оған қарсы профилактикалық илажларды өткериў, медициналық жақтан бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар менен шуғылланады.

Бүгинги күнде денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Республикалық Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў орайы негизинде жаңадан шөлемлестирилген Агентлик жанында лабораториялық комплекс шөлкемлестирилди.

Улыўма айтқанда, арнаўлы Пәрман менен еки тараўға да бир қатар айрықша ўазыйпалар жүклетилгенлигин көремиз, бул бағдарда тараўлардың материаллық-техникалық базасы, кадрлар мәселесине айрықша дыққат-итибар берилди ҳәм еки тараў да усы жылдың январь айынан баслап өз жумысларын басламақта, – дейди М.Утениязов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги