Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019-жыл 7-ноябрьдеги ПҚ-4508-санлы қарары менен 2020-жылдың 1-январынан баслап бажыхана төлемлерин өндириўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизилди.

Бул жеке мүтәжликлери ушын мәмлекетлик шегарадан өтиў пункти арқалы қол жүгинде, алып жүретуғын багажында товарлар алып киретуғын физикалық шахслардың товарларына, сондай-ақ, олардың атына халықаралық почта ҳәм курьерлик жөнелтпелер арқалы келетуғын товарларға тийисли.

Ондағы жаңалық – алып кириў, бажысыз алып кириўдиң шекленген нормаларынан артқан жағдайда, артықша бөлегине белгиленген бажыхана бажы, ҚҚС (15 %) ҳәм акциз салығы орнына товардың бажыхана баҳасынан 30 %, бирақ кеминде $3/кг баҳасында бирден-бир бажыхана төлеми өндириледи. Бул сыртқы экономикалық байланыслар товар номенклатурасы (СЭБ ТН) кодына ҳәм қайсы мәмлекеттен алып келиниўине қарамастан, товарлардың барлық түрлери ушын бирден-бир ставка болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, бул өзгерислер жеке мүтәжликлери ушын товарларды алып киретуғын пуқаралардың қәрежетлерин кемейтиў, есапласыўды әпиўайыластырыў, бажыханадағы рәсмийлестириўди тезлетиў ҳәм шегара бажыхана постларындағы гезекте турыўларды азайтыў мүмкиншилигин береди.

Бажыхана төлемлериниң улыўма муғдары СЭБ ТН 6105 коды бойынша кийим-кеншеклик товарлар ушын 38%ти, шоколад ушын 61%ти, сыр ушын 44%ти, товардың келип шығыўы ҳаққындағы сертификаты болмаған жағдайда тийислисинше 51%, 61% ҳәм 95% ти қурайды.

Жаңа тәртип тек ғана коммерциялық емес мақсетлер ушын белгиленген товарларға тийисли. Товарлардың қандай мақсетлерге белгиленгенлигин анықлаў тәртиби басқа ҳүжжетте атап өтилген, бирақ қағыйдалар, жәми  10 товар позициясына енгизилмейди.

Олар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-февральдағы ПҚ-3512-санлы қарарына 1-қосымшада көрсетилген товарлар болып есапланады. Бажыхана төлемлери өндирилмейтуғын товарларды алып кириўдиң шекленген нормаларынан көбейип кеткен жағдайда олар бойынша бажыхана төлемлери улыўма белгиленген тәртипте төленеди.

Быйылғы жылдан баслап және бир талап әмел ете баслайды. Атап айтқанда, қол жүгинде ҳәм багажында алып жүрген, сондай-ақ, почта жөнелтпелери арқалы алып кирилетуғын ҳайўанларға тийисли азық-аўқатлық өнимлер өндирис пайытындағы орамлары менен болыўы тийис. Бул санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм гигиеналық жақтан зәрүр болып есапланады.

Мәселен, қандайда бир адамның қол жүгинде мәмлекетимизге кирип келген оралмаған гөш, шошқа ямаса қус грипи, Қрым-Конго гемаррогиялық кеселлиги ҳәм басқа да кеселликлерди қозғаўшы вируслардың кирип келиўине алып келиўи мүмкин. Бул жаман ақыбетлерди келтирип шығарады.

Жоқарыда көрсетилген нормалар халықаралық тәжирийбелерге толық сәйкес келеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.