2024-жыл 1314-май күнлери Самарқанд қаласында Азия ҳаял-қызлар форумы болып өтеди.

Форумға қызығыўшылық оғада үлкен ҳәм онда регионның ең жетекши ҳаял-қызларының қатнасыўы күтилмекте. Әҳмийетлиси, олар форумның нәтийжели өтиўине исенбекте ҳәм бул ҳаққында өзлериниң пикирлери менен ортақласты.

Инсан ҳуқықлары бойынша Малайзия комиссиясының комиссары Нур Азиа Моҳд Авал Өзбекстан ҳүкиметин «Ҳаял-қызлардың экономикалық, социаллық ҳәм сиясий ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў мәселелерине регионаллық көзқарас» атамасындағы абырайлы форумды өткерип атырғаны менен қутлықлады.

– Бул форумды өткериў басламасы Өзбекстан Президенти тәрепинен БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған, – деди Нур Азия Моҳд Авал. – Форумның өткерилип атырғаны болса Өзбекстанның халықаралық майданда билдирген усыныслары әмелде өз көринисин таўып атырғанының айқын көриниси болып есапланады.

Бул форум Өзбекстанның ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, жәмийеттиң барлық тараўларында гендер теңлиги күн тәртибин алға қойыў бойынша айрықша умытылысынан дәрек береди. Усы көзқарастан, Өзбекстанда қабыл етилген нызам ҳүжжетлеринде ҳаял-қызларға шаңарақтағы күш көрсетиў ушын жазаны күшейтиўши қосымшалар киргизилгени айрықша итибарға ылайық, деп есаплайман.

Форум ҳаял-қызлардың потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм бул бағдардағы тәжирийбе алмасыў мәселелерин додалаў ушын Азия регионында өзине тән сөйлесиў майданын жаратады.

Конференцияда маған ҳаял-қызларға күш көрсетиўди сапластырыў бойынша Малайзия тәжирийбеси менен ортақласыў имканияты бериледи. Бул, әлбетте, мен ушын мақтаныш. Малайзия көп динли ҳәм көп мәдениятлы жәмийет болып, олардың 60 проценти мусылман болып есапланады. Илаж ҳәммеге бир-бири менен тәжирийбе алмасыў имканиятын беретуғынына исенимим кәмил.

Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды үлкен қызығыўшылық пенен бақлайман. Ҳәр бир сапар етиў маған нызамшылық дәрежесинде де, жәмийеттиң күнделикли турмысында да барған сайын көбирек унамлы өзгерислерге гүўа болыў имканиятын береди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы