Президент басшылығында жергиликли санаат тармағындағы ишки имканиятларды мобилизациялаў арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы еки жыл алдын 155 гектар жер ажыратылып, былғарыға қәнигелескен 16 киши санаат зонасы шөлкемлестирилгенин атап өтти.
Аҳангаран ҳәм Ургут районларында жойбарлар басланған болса да, Нурафшан қаласында, Уйчи, Ангор, Қоқанд, Алтынкөл, Шараф Рашидов районлары, Наманган қаласы, Шаҳрихон, Самарқанд, Хазарасп, Бухара, Нөкис районлары, Қаршы қаласында бул жумыслар керекли дәрежеде шөлкемлестирилмегени сынға алынды.
Тараўда жаңа жойбарлар ушын 40 миллион доллар арзан ресурс ажыратылғаны, халықаралық кредит линияларынан 100 миллион доллар тартылғанына қарамастан, жуўапкерлер бул бағдарда немқурайдылыққа жол қойып атырғаны көрсетип өтилди.
ӨзА