Президент басшылығында жергиликли санаат тармағындағы ишки имканиятларды мобилизациялаў арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Усы жылы Шараф Рашидов ҳәм Аҳангаран районларында биреўден ири былғары кластерин шөлкемлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Оған экологияға жуўап беретуғын суў тазалаў имаратын қурыў ушын 40 миллион доллар арзан ресурс қаратылады. Бул жердеги таяр жойбарларға 7 жылда бөлип-бөлип төлеў шәрти менен тәбийғый ҳәм жасалма былғарыдан өним шығаратуғын сырт ел брендлери жайластырылады.
Сырт ел брендин тартқан ҳәр бир кәрханаға сорсинг компаниялары ушын жумсалған қәрежеттиң 30 мың долларға шекемги бөлегин қаплап бериў системасы жолға қойылады.
Сондай-ақ, 14 киши санаат зонасында 100 миллион доллар муғдарында жойбарларды баслаў, 11 шарўа кластерине от-жемлик егин егиў ушын жер мәселесин толық шешиў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА