9-май күни мәмлекетимиз сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов басшылығындағы делегацияны Пакистан Президенти Асиф Али Зардорий қабыллады.

Министр Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң кәсиплесине қызғын сәлемлерин жеткерди. Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықтағы пайдаланылмаған үлкен потенциалды жүзеге шығарыўға қаратылған жумыслар көлемин кеңейтиў зәрүр екени мақулланды, экономикалық дипломатиядағы әҳмийетли имканиятларды көрсетиўши тийкарғы темалар додаланды. Мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери арасында беккем бирге ислесиўди хошаметлеўге келисилди.

ӨзА