9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни  елимизде кеңнен белгиленбекте. Мәмлекетимиз басшысының пәрманына муўапық, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплылардың жағдайынан хабар алынып, оларға бир мәртелик ақшалай сыйлық тапсырылмақта.

Алдын хабар берилгениндей, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қорғаныў министрлигиниң Орайлық әскерий клиника госпиталына барып, урыс қатнасыўшыларының жағдайынан хабар  алды.

Мәмлекетимиз  басшысы 99 жастан асқан екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Мухиддин ата Досанбаев бенен сәўбетте болып, атамыздың кеўлиндеги әрманлары менен қызықты.

Усы уллы жасында да өз жақынларының өмирин, тәғдирин ойлап атырған атамыз быйылғы жылы кәсип-өнер колледжин питкерип атырған ақлығының жоқары оқыў орнына кириўин әрман етип атырғанын айтып өтти.

Атап өтиўимиз керек, 6 перзенттиң атасы болған атамыздың ҳәзирги күнде 31 ақлығы ҳәм жүзлеген шаўлық-қуўлықлары бар. Өзбек атасы неше жасқа кириўине қарамастан, өз әўладларының қуўанышы ҳәм  тәшўишине шерик болыўы болса бул тәбийий жағдай.

Атамыздың бүгин тилге алған әрманы әмелге асты. Атамыздың ең генже улының қызы Имона Толқын қызы Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетиниң «Банк жумысы» бағдары бойынша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.





Сол мүнәсибет пенен усы әскерий госпитальда салтанатлы түрде илаж болып өтти. Илажға Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зайыр Мирзаев, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри

Қоңыратбай Шарипов, Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети ректоры Тўлқин Тешабоев ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында мийманлар Мухиддин атаны Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен қутлықлады. Имона Мухиддинованың Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетине оқыўға қабыл етилгенин тастыйықлаўшы сертификат салтанатлы түрде тапсырылды.

Мухиддин ата буннан қуўанышлы болғанын, Президентимизден миннетдар  екенин, елимизде тынышлық болыўын айтып жақсы тилеклер билдирди.

Атамыз бенен сәўбетлескенимизде, ол бүгин турмысында жүдә үлкен ўақыя болғанын мақтанышлы түрде айтып өтти.

– Билесиз бе, мендей әпиўайы бир дийқанның баласы менен бүгин Президентимиз сәўбет қурды  -деди Мухиддин ата. – Буннан басым көкке жетти. Итибар ҳәм ғамхорлық болғанынан қуўанышлыман.

Сәўбет тийкарында атамыздың Екинши жер жүзилик жыллары урыс майданында саўаш алып барып, Украина, Беларусь, Польша, Германияға шекем барғанын, көплеп орден ҳәм медальлар алғанын билип алдық. Ҳәттеки, ол урыс ақыбетлерин жөнге салыўда да қатнасқан. 1950-жылы өз елине қайтып, сол жерде мийнет етип шаңарақ қурып өмир сүрип келген.

Ҳәзирги күнде Мухиддин ата Ташкент ўәлаятының Орта Шыршық районы Ортасарай аўылында перзентлери, ақлықлары ҳәм шаўлықлары қушағында жасамақта. Перзентлериниң айтыўынша, атамыз келеси жылы қыс мәўсиминде жүз жасқа толады.

Жүзлери нурға, сөзлери жақсылыққа толы болған теберик атамызды жүз жасында да қутлықлаў бәршемизге несип етсин.

                                                                                                                  ӨзА