Өткен жылы гилем кәрханаларына орайласқан ҳалда полипропилен алып келиў системасы жолға қойылғаны өзиниӊ нәтийжесин берди.

Быйыл да усы тәжирийбе даўам еттирилип, қаржы еки есеге көбейтиледи.

Гилем ислеп шығырыў, сатыў ҳәм валюта түсиниўине шекемги ўақытты инабатқа алып, исбилерменге полипропилен 1 жылға шекемги мүддетке бериледи.

Бул ҳаққында Президент басшылығында жергиликли санаат тармағындағы ишки имканиятларды мобилизациялаў арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў мәселелери бойынша өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.

ӨзА