Усы жылдың январь айында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң инспекторлары экологиялық рейд илажларын өткерди.

Рейд даўамында Мойнақ районы «Ҳәким Ата» АПЖда жасаўшы пуқаралар П.А ҳәм Н.А лар тәрепинен Мойнақ районы «Бозатаў» АПЖ аймағынан ағып өтиўши Әмиўдәрьядан қадаған етилген бир дана толстолобик ҳәм үш дана лещ балықларын тутқанлығы анықланды.

Бул жағдай бойынша нызам бузыўшы пуқараларға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, тәбиятқа жеткерилген зыянды қаплаў ушын 646 700 сум даўа есапланды ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 90- статьясы 4-бәнтине тийкарланып ҳәкимшилик ислер бойынша суд уйымына жибериў ушын ҳүжжетлер таярланбақта.

ӨзА