Кеше түнде футбол бойынша Европа лигасы ярым финалының дәслепки ойынлары болып өтти.
Олардың биринде, быйылғы жылы өз тарийхында биринши мәрте Германия чемпионлығын жеңип алыўға миясар болған Леверкузенниң «Байер» клубы Жозе Моурино орнына жаңадан тайынланған Ди Росси басшылығындағы Римниң «Рома» клубы менен өз-ара ойын өткерди.
Римде болып өткен ушырасыўда немис клубы «рома» дәрўазасын анық нышанға алып, өз дәрўазасының қәўипсизлигин сақлап қалыўға еристи. Есап 0:2 «Байер» клубы пайдасына.
Ал, Францияның Марсель қаласында болып өткен «Марсель Олимпик» ҳәм Италияның «Аталанта» клублары арасындағы ушырасыўда болса, ойын 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Ярым финалдың жуўап ушырасыўлары 9-май күни болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги