Өзбекстанда Орайлық Азияға тиккелей тутас Жақын Шығыста жүз берип атырған ўақыялар айрықша тәшўиш пенен қарсы алынбақта.

Әскерий-сиясий жағдайдың және де шийеленисиўи көплеген инсанлардың қурбан болыўына ҳәм кең көлемли гуманитарлық апатшылыққа алып келиўи мүмкин, турмыслық әҳмийетли экономикалық байланысларды ҳәм коммуникация жолларын ўайран етеди, регионналық ҳәм глобаллық қәўипсизликке дүзетип болмайтуғын зыян келтиреди.

Өзбекстан тәрепи оғада басықлық тәрепдары болып, тартысыўды азайтыў ҳәм региондағы жағдайды оптималластырыў ушын қарама-қарсы тәреплерди сиясий-дипломатиялық илажларды көриўге шақырады.

–0–