Халықаралық баспасөз орайында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өткен сайлаўдың дәслепки нәтийжелери жәрияланды.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломовтың атап өтиўинше, сайлаўларға 13 963 627 сайлаўшы қатнасты.

Бул Бирден-бир электрон дизимге киргизилген сайлаўшылар улыўма санының 67,8 процентинен көбирегин қурайды.

Дәслепки нәтийжелерге муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығы ушын болган сайлаўда 128 округте депутатлар сайланды:

 

ӨзЛиДеП – 43;

«Миллий тикланиш» – 35;

Халық демократиялық партиясы – 18;

«Адолат» СДП – 21;

Экопартия – 11 орын алыўға еристи.

 

Сайлаў кодексине муўапық, даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбиниң даўысын, яғный 50 проценттен аслам даўыс алған талабан депутат етип сайланған, деп есапланады.

Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 22 округте талабанлардың биреўи де жетерли муғдарда даўыс ала алмағанлығы себепли усы округлерден депутат сайланбады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.