Президент басшылығында жергиликли санаат тармағындағы ишки имканиятларды мобилизациялаў арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Ҳәзирги әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарлар менен бирге тез пурсатта мәҳәлледе жүзлеген жумыс орны ҳәм экспортқа жарамлы өним жарататуғын, жоқары дәрамат келтиретуғын киши ҳәм орта кәрханалар керек екени атап өтилди.
Бул бағдарда ең үлкен резерв жергиликли санаат тармақлары есапланады. Усы мүнәсибет пенен үш әҳмийетли тараў – былғары, гилем ҳәм пиллешилик санаатында да шешилиўи керек болған машқалалар бар.
ӨзА