Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте айырым министрликлер ҳәм ҳәкимлер бул тараў исбилерменлерин тыңламай атырғаны, таяр имканиятлардан дурыс пайдалана алмай атырғаны көрсетип өтилди.

Өткен жылы былғары санаатында өндирис көлеми өсип, дерлик 3 триллион сумға жетти. Бирақ, соның ярымы Әндижан ҳәм Ферғанаға туўра келеди.

Республикадағы жәми териниң 40 процентин беретуғын Қарақалпақстан, Бухара, Жиззақ, Сурхандәрья ҳәм Хорезмниң былғары санаатындағы үлеси олардың имканиятына сәйкес емес.

Өнимге базар табыў, айланыс қаржы мәселелери себепли айырым кәрханалар өткен жылды зыян менен жуўмақлаған. Өткен жылы былғары санаат экспортында таяр өнимниң үлеси дерлик 30 процент болған.

ӨзА