Буның ушын пуқаралар аймақлық Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине төмендегилерди усыныўы керек:

 

– пуқараның сырт елде қыстаўлы түрде емлениўи ҳәм оның қасында баратуғын адам зәрүрлигин тастыйықлайтуғын республика ямаса ўәлаят көлеминдеги мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен берилген ҳүжжетлер;

 

– жақын ағайин-туўысқанының аўыр наўқасланып қалғаны ямаса қайтыс болғанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;

 

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң тапсырмалары бойынша кешиктириўге болмайтуғын жағдайларда сырт елге шығыў ҳүжжетин рәсмийлестириў зәрүрлиги бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымлардың хызметкерлери ҳаққындағы талапнамалар;

 

– халықаралық спорт жарысларында қатнасатуғынлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.