Оның әҳмийети қандай?

Илимде белгили болыўынша, боян өсимлигиниң тамыры шыпалы өним сыпатында ерте заманлардан баслап-ақ Тибет, Қытай, Ҳиндстан ҳәм Орайлық Азия халықлары арасында түрли кеселликлерди емлеўде пайдаланылған.

Ибн Сина, Ибн ул–Байтар ҳәм басқа да шығыс ҳәм араб шыпакерлериниң мийнетлеринде адамларды емлеўде боян тамырының пайдалы қәсийетлери көрсетилген. Соңғы дәўирлерде боян өсимлигинен медицинада, сондай-ақ санааттың басқа да тараўларында пайдаланыў артып бармақта. Боян тамырдың қурамындағы ең әҳмийетли элемент глициризин кислотасы болып, оның муғдары орташа 7,3 ҳәм 23,6 процентти қурайды. Буннан басқа оның қурамында 0,6-15,2 процент глюкоза, 0,3-11,0 процент сахароза, 9,7-28,2 процент флавоноидлар, 11,0-31,2 процент аскорбин кислотасы, белок, стероидлар, эфир майы, аспарагин ҳәм басқа да бирикпелер ушырасады.

 

Боянтамырға неге талап күшли?

Боян тамырларынан ажыратылған бирикпелерден пиво, квас, какао, маринад, компот, кисель, кока-кола, конфет, халва ислеп шығарыўда пайдаланылады. Боян өсимликлери темеки өндирисинде шайнайтуғын аромат ҳәм жағымлы дәм бериўде, ал Японияда никотинсиз суррогат темекилер таярлаўда пайдаланылады. Сондай-ақ, металлургия, нефт-газ скважиналарын бураўлаўда, тери, жүн ҳәм жипек материалларын бояўда, акварель бояў, сыя, туш өнимлерин таярлаўда да пайдаланылады. Экстракт өними қалдықларынан болса картон, термоизоляциялық плита ҳәм басқа да санаат өнимлерин ислеп шығарыўда қолланылады.

Сонлықтан бул өнимге халықаралық дәрежеде талап оғада жоқары.

 

Бояннан қандай дәрилер исленеди?

Ҳәзирги дәўирде боян өсимлиги тамырларынан ҳәр түрли фармакологиялық қәсийетлерге ийе болған дәри препаратлары таярланады. Ликвиритон, Флакарбин, Глицирам, бисмулоксан, Транспульмин, боян тамырларының қойыў экстраты, боян тамырларының қурғақ экстракты, боян тамырлары сиропы ҳәм т.б. Бул препаратлар адамлардағы бронхит, жөтел, гастрит, асқазан ҳәм он еки бармақ ишектеги жара, баўыр ҳәм Аддисона кеселликлерин емлеўде пайдаланылады. Соның менен бирге боян өсимликлердиң жер үсти бөлими шарўа маллары ушын жуғымлы өт-шөп болып есапланады. Айрым адамлардың пикирине қарағанда, боян шөбин от-жем ушын пайдаланғанда малларда төл таслаў қублысы жүз береди, деп айтады. Илимий дереклерде бул пикирдиң надурыслығы дәлилленген.

Бул өсимлик жердиң жағдайын жақсылаў бойынша фитомелеоративлик әҳмийетке де ийе.

 

Боянды бийтәртип пайдаланыўды тоқтатыў керек!

Мине, усы бийбаҳа өсимликтиң тәбийғый түрдеги плантациялары өткен әсирде республикамызда бир неше он мыңлаған гектардан аслам майданды ийелейтуғын еди.

Аймақта бул өсимликтиң тамырлары өткен әсирдиң 50-жылларынан баслап өндирилип экспорт етиле баслаған. Бул жумысты ҳәзирги «Қарақалпақбоян» ААЖ мәкемеси алып барған. Ҳәзирги ўақытлары боян тамырларды жыйнаў ҳәм оларды сатыў бойынша 70 ке жақын фирмалар ҳәм кәрханалар жумыс алып бармақта.

Илимий дәреклерге қарағанда, өткен әсирдиң 50-60 жыллары Қарақалпақстан аймағында улыўма майданы 20 мың гектардан аслам боян массивлери болған. Боян өсимлигиниң тәбийғый қорын илимий усылда анықлап шығыў ҳәзирги күнде актуал мәселелердиң бири болып табылады.

Соңғы жыллары боян тамырын қайта ислеп оны экстракт формасында экспорт етиўге  кең әҳмийет берилмекте. Ҳәзирги ўақытта Республикамыз бойынша боян тамыр шийки затын қайта ислеўши 10 ға жақын кәрханалар жумыс алып бармақта. Бүгинги күнге келип өсимлик тамырын жыйнап алыўдағы тәртипсизликлер нәтийжесинде өсимликтиң тәбийғый қоры жүдә кемейип кеткен.

 

Дәрилик өсимликлер бойынша арнаўлы кафедра

Усы жағдайды есапқа алып, соңғы жылларда Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетиниң Тәбияттаныў факультетиниң бир топар профессор оқытыўшылары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймақларында боян өсимлигин егип өсириў ҳәм олардың екпе плантацияларын жаратыў бойынша бир қатар илимий изертлеў жумыслары алып барылды.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 17-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин еле де жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарында боян өсимлигин илимий жақтан үйрениў ҳәм терең қайта ислеў технологиясын жаратыў ҳәм жолға қойыў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде арнаўлы бөлим ашыў белгиленип, бул нәрсе усы жумыслардың нәтийжели болыўына ҳуқықый тийкар жаратып берди, десек қәтелеспеймиз.

Усыған байланыслы 2017-жылы апрель айында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Тәбияттаныў факультетинде Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта бул кафедрада 9 профессор-оқытыўшы жумыс ислемекте.

Бул кафедраға усы оқыў жылында Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы тәлим бағдары бойынша 50 студент қабыл етилди. Демек, келешекте усы бағдардағы жумысларға үлкен пәт ендиретуғын қәнигели кадрлардың көбейетуғынлығы анық.

Республикамызда 1100 түрдеги өсимлик бар болып, соннан 400 түри дәрилик өсимликлер қатарына киреди. Кафедра профессорлары бул өсимликлердиң пайдалы тәреплерин үйрениў бойынша да көплеген жумысларды әмелге асырмақта.

 

Топинамбур – қант диабети кеселлигиниң мың да бир еми

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы топырақ шорланыў шәраятында интродукцияланған топинамбур өсимлигиниң «Файз барака» ҳәм «Мўжиза» сортларының биоэкологиясы, жетистириў технологиясы ҳәм оны ислеп шығарыўды әмелге асырыў бойынша 2015-2016-жыллары бир қатар илимий изертлеў жумыслары алып барылды. Усының нәтийжесинде «Қарақалпақстан Республикасы аймақларында топинамбур өсимлигиниң биоэкологиясы ҳәм оны өсириў агротехнологиясы бойынша усыныслар» атамасындағы дийхан фермер хожалықлары ушын усыныс шығарылды, соның менен бирге топинамбур өсимлигиниң түйнегинен тәбийғый таза өним (порошок) ислеп шығарылды, оның қурамында 54 процент инулин болып, ол бүгинги күнде қантлы диабет кеселликлерин емлеў ушын пайдаланылмақта.

Ҳәзирги ўақытта кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасы аймағында боян өсимлигин егип көбейтиў усылларын ҳәм оның егилген плантацияларын пайда етиўдиң илимий тийкарларын ислеп шығыў» ҳәм «Әмиўдәрьяның төменги регионында дәрилик өсимликлер биоэкологиясы ҳәм интродукциясын изертлеў» атамасындағы илимий изертлеў жумыслары алып барылмақта.

«- Аймақлардағы тәбийғый боянлықлардан үнемли пайдаланыў, тамырларды қопарып жыйнап алыўда тәртипсизликлерге жол қоймаў керек. Тамырларды жыйнап сатыўда биринши гезекте аймақтағы тамырды қайта ислейтуғын завод-кәрханаларды тәмийинлеўге итибар берилиў керек,-дейди университеттиң «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» кафедрасының профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы М.Ибрагимов.

Дүньядағы өндирислик тәжирийбелерге тийкарланып, боян өсимлигин мәденийлестириўге ҳәм оның екпе плантацияларын жаратыўды ҳәзирден баслап қолға алыў керек. Буның ушын аймақтағы фермер хожалықларында топырақ бонитети 20-30 балл болған атызларда ҳәм тоғай хожалығына ажыратылған майданларда боян өсимлигин  егип оның плантацияларын жаратыў керек. Бунда қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ислеп шығылған агротехникалық усыныслардан пайдаланыўды усыныс етемиз».

Ҳәзирги күнде бизге тәбият инам еткен боянның ҳәм басқа да дәрилик өсимликлердиң халық хожалығындағы әҳмийети оғада уллы. Биз өткен әсирдеги қәтеликлерден дурыс жуўмақ шығарыўымыз керек. Илимпазларымыз бенен аўыл хожалығы тараўы хызметкерлериниң усы бағдарда бирге ислесиўиниң жолға қойылыўы, дәрилик өсимликлерден дурыс пайдаланыўды әмелге асырыўы мақсетке муўапық келмекте, әлбетте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.