Айырықша жағдайлар министрлиги баспасөз хызмети Ташкент метрополитени Юнусобод жолының жаңадан қурылып атырған бөлиминде жүз берген айырықша жағдай ҳаққында қосымша мағлыўматларды жәриялады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине муўапық, жүз берген ҳәдийсениң себеплери ҳәм ақыбетлерин сол орынның өзинде үйрениў, жедел түрде сапластырыў, жәбирленгенлер және олардың шаңарақ ағзаларына жәрдем көрсетиў мақсетинде Ҳүкиметлик комиссия дүзилди.

Ўақыя орнында алып барылған оператив излеў-қутқарыў жумыслары нәтийжесинде кеше (18-декабрь) ҳәм бүгин 6 пуқараның жансыз денеси топырақ астынан алып шығылды ҳәм олардың ким екенлиги анықланды:

1) 1989-жылы туўылған, Қашқадәрья ўәлаяты, Шаҳрисабз районы, Бешкапа аўылында жасаған пуқара Абдуллаев Ойбек Тўра улы;

2) 1989-жылы туўылған, Қашқадәрья ўәлаяты, Шаҳрисабз районы, Бешкапа аўылында жасаған пуқара Равшанов Жонибек Ислом улы;

3) 1999-жылы туўылған, Қашқадәрья ўәлаяты, Шаҳрисабз районы, Бешкапа аўылында жасаған пуқара Абдуллаев Давронбек Ботирович;

4) 1986-жылы туўылған, Қашқадәрья ўәлаяты, Яккабоғ районында жасаған пуқара Диёров Анвар Нормуродович;

5) 1996-жылы туўылған, Самарқанд ўәлаяты, Ақдәрья районы, Фармонобод аўылында жасаған пуқара Рахматов Ихтиёр Амриддин улы;

6) 1981-жылы туўылған, Самарқанд ўәлаяты, Пастдарғом районында жасаған пуқара Каримов Зариф Тўлқинович.

 

Метро қурылысы ўақтында қайтыс болған жумысшылардың ҳәр бири ушын олардың шаңарақ ағзаларына 100 миллион сумнан компенсация пулы ажыратылып, жеткерип берилген.

Сондай-ақ, қурбан болғанлардың шаңарақлары ушын жерлеў илажларын шөлкемлестириўге ҳәр тәреплеме жәрдем бериў ўазыйпасы тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.