Қоңырат районы «Қаңлы» АПЖда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына  49-санлы  «Қоңырат» сайлаў округинен талабан Сағындық Турманов сайлаўшылар менен ушырасты.

Илажда талабанның сайлаўалды бағдарламасы таныстырылды.

Атап өтилгениндей, талабан С.Турманов O’zLiDeP тиң сайлаўалды платформасы идеяларынан келип шығып, халықты, ең алды менен жас шаңарақларды  арзан ҳәм заманагөй  турақ жай менен тәмийинлеў, олардың реал дәраматларының өсип барыўына шараят жаратыў, пуқаралар ушын жасаў орны әтирапында жаңа жумыс орынларын жаратыў сыяқлы ийгиликли ислерге итибар қаратады. Сондай-ақ,  коммунал-турмыслық хызметлерди жақсылаў, ишимлик суўы тәмийнатын  жақсы  жолға  қойыў,  исенимли ҳәм заманагөй  энергияны үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў имканиятын арттырыў, аймақта жеке меншик секторды раўажландырыў, билимлендириў нәтийжелилиги мониторингин жүргизиў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў сыяқлы мәселелерге тереңирек итибар қаратыўды усынбақта.

– Бүгинги күнге шекем әмелге асырған жумыслары ҳәм республикамыздың жәмийетлик-сиясий майданында ислеген мийнетлери буннан былай да оның халқымыз мәпи жолында аянбай хызмет ететуғынлығынан  дәрек  береди,-дейди O’zLiDeP Қоңырат районлық Кеңесиниң аппарат баслығы З.Туребаева.

Илаж даўамында пуқаралардың өтиниш-тилеклери тыңланып, турмысында ушырасып атырған машқалалар кең түрде додаланды.

Сондай-ақ, усы мазмундағы илажлар «Өрнек» ҳәм «Қыят» АПЖ аймақларында даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.