USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 26 Июнь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ ЯПОНИЯҒА КЕЛДИ

НАГОЯ, 17-декабрь. ӨзАның хабаршысы Матназар ЭЛМУРАДОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-декабрь күни Японияға рәсмий сапар бағдарламасындағы биринши мәнзил – Нагоя қаласына келди.

Тюбу халықаралық аэропортында жоқары дәрежели мийманды Япония рәсмий топарларының ўәкиллери күтип алды.

Қысқа сәўбетлесиўден соң Өзбекстан делегациясы өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды.

Бул Өзбекстан  Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекет басшысы сыпатында Японияға биринши сапар етиўи екенлигин атап өтиў зәрүр. Сол себепли бул сапар етиўге ҳәр еки мәмлекетте өз-ара бирге ислесиўде жаңа бет ашатуғын тарийхый ўақыя сыпатында үлкен әҳмийет қаратылмақта.

Япония – Өзбекстанның стратегиялық шериги. Буннан 28 жыл бурын – 1991-жыл декабрь айында бул мәмлекет Өзбекстанның ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алған еди. 1992-жыл январь айында мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылған.

Негизинде мәмлекетлеримиз арасындағы тарийхый байланыслар Уллы жипек жолы дәўирлерине барып тақалады. Болжаўларға қарағанда, Японияның биринши пайтахты Нара қаласы Уллы жипек жолының Шығыс бәндиргиси болған. Өзбекстанның Самарқанд, Бухара, Хийўа қалалары усы жол арқалы саўда-сатық ҳәм мәдений байланыслардың раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеген.

Мысал ушын, Нара қаласындағы Тодай-жи ибадатханасында Япония Уллы жипек жолы арқалы алып келинген, VIII әсирде елимизде соғылған уд саз әсбабы сақланады. Өз гезегинде, ҳәзирги Өзбекстан аймағында болған Кушанлар мәмлекетинде буддистлик мәденияты раўажланған. Соған бола, халықларымыз арасында оғада әййемнен мәдений байланыслар орнатылғанлығын айтыў мүмкин.

Ғәрезсизлик жылларында өзбек ҳәм япон халықлары арасындағы дослық байланыслар ҳәр тәреплеме беккемленди. Мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў сиясий, саўда-экономикалық, финанслық, инвестициялық, технологиялық илимий ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларды қамтып алған болып, бүгинги күнде жаңа бағдарлардың есабынан кеңейип бармақта.

Өзбекстан басшысының Японияға бул сапар етиўи мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын сапа жағынан беккемлеў ҳәм жаңа әмелий мазмун менен байытыўға хызмет етеди.

Сапар етиў шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёев Нагоя ҳәм Токио қалаларында бир қатар ушырасыўлар өткереди. Бул сөйлесиўлерде мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли мәплери тийкарында Өзбекстан – Япония дәстүрий дослық байланысларын және де беккемлеў, аймақлар ҳәм еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында тиккелей байланысларды раўажландырыў мәселелерин додалаў режелестирилген.

 

ӨзА