Усы жылдың 17-декабрь күни саат 06:27 де Мойнақ районындағы «Жайҳун» АПЖ аймағында жасайтуғын Б.А.ның үйинде асханаға орнатылған жылытыў қазанына келип турған газ өшип қалғанлығы ҳәм шырпы жағылыўы ақыбетинде жарылыў жүз берген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызмети хабар берди.

Жарылыў ақыбетинде үйдиң асханасының бастырмасы ҳәм дийўалы қулап түскен. Ўақыя орнына өрт қәўипсизлиги бөлими саат 06:33 те жетип барған ҳәм өрт қоршаўға алынып, өширилген.

Ўақыя ақыбетинде үй ийесиниң өмирлик жолдасы пуқара А.Т. күйип, дене жарақатын алған. Ҳәзир ол районлық медициналық бирлеспесинде екенлиги мәлим етилген.

Өртти өшириўге районлық өрт қәўипсизлиги бөлиминен 2 экипаж қатнасқан. Қарақалпақстан Республикасы Өрт-техникалық лабораториясы қәнигелери жағдайды үйренген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.