14-декабрь күни «Facebook» социаллық тармағында институттың 1-курс студентлеринен «аралық қадағалаў» ушын 50 мың сумнан ақша жыйнап атырғаны ҳаққында пост жәрияланғаны, институт баспасөз хызмети пост авторы менен байланысып, тийисли фактлерди топлағаны ҳәм институт ректоратына жағдайды мәлим етип, фактлерди усынғанлығы, сондай-ақ, сол ўақыттан баслап посттағы жәрияланған жағдайды анықластырыў ҳәм усы мәселени терең үйрениў жумыслары институт ректорының жеке өзиниң басшылығында әмелге асырылып атырғаны ҳаққында хабар берген едик.

Жағдай бойынша фактлер үйренилип, аралық қадағалаў ушын студентлерден 50 мың сум талап етип атырғаны мәлим етилген оқытыўшының ким екенлиги анықланды.

Анықланыўынша, бул оқытыўшы студентлерден ҳеш қандай пул алмаған. Бирақ, сабақ өтиў процесиндеги оның жол қойған кемшиликлери анықланған.

Оқытыўшының өзи институт ректоры атына арза менен мүрәжат етип, өз қәлеўине муўапық  жумыстан шығарыўды сораған.

Сондай-ақ, жағдай бойынша институт ректоры тәрепинен оқыў ислери бойынша проректоры, оқыў-методикалық басқарма баслығы, факультет деканы ҳәм кафедра баслығына қатаң түрде ескертиў берилди.

Усы орында студент-жаслардан усындай жағдайлар жүз беретуғын болса тиккелей факультет деканлары, проректорлар ямаса институт ректорына мүрәжат етиўди сораймыз.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.