Сайлаў – 2019

Сайлаў алдынан үгит-нәсият жумыслары Мойнақ районында да қызғын түрде алып барылмақта.

Жақында Мойнақ районындағы 4-санлы мектепте O’zLiDePтен 64-санлы «Мойнақ қалалық» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Мақсетбай Аметов сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўда кейинги үш жыл Мойнақ районы халқы ушын үлкен жаңаланыўларды алып келгенлиги атап өтилди. Бүгин Мойнақ мәдений ҳәм социаллық тараўларда айрықша орынға ийе.

– Биз бүгин үлкен сиясий ўақыя алдында турмыз. Өткерилиўи күтилип атырған сайлаўда сайлаўшылар тәрепинен исеним билдирилсе биз буны әлбетте, ақлаймыз.

Бүгинги күнде районымыз халқы турмысында бир қанша унамлы өзгерислер  жүз берип атырған бир ўақытта шешимин күтип турған мәселелер ҳәм машқалалар да бар.

Атап айтқанда, туризмди жедел пәт пенен раўажландырыў, халықтың социаллық турмысын жақсылаў, жумыс пенен тәмийинлеў, коммуналлық ҳәм халыққа хызмет көрсетиў тараўларындағы машқалаларды шешиў және халқымызды бүгинги турмысынан разы етиў бизиң баслы мақсетимиз есапланады.

Солай екен,  бул  ўазыйпаларды орынлаўда жанкүйерлик пенен хызмет етемиз,-дейди М.Аметов.

Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар талабанның сайлаў алды бағдарламасы бойынша сораўларына жуўап алды.

O’zLiDeP тәрепинен шөлкемлестирилген усындай ушырасыў  Қоңырат районындағы 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Шарапат Отемисов пенен де өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.