Ҳүрметли жерлеслеримиздиң диний мазмундағы сораўларына жуўап бериў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен ибадатқа байланыслы диний мәселелерге телефон арқалы жуўап бериў системасы жолға қойылды, – деп хабар берди басқарманың баспасөз хызмети.

Буннан былай жерлеслеримиз бул бағдардағы сораўларына усы call-орай арқалы жуўап алыўы мүмкин.

Call-орайдың жумыс ислеў тәртиби дүйшемби күнинен шемби күнине шекем, саат 9:00 ден 17:00 ге шекем даўам етеди (ибадат ўақытлары буған кирмейди, дем алыс күни – екшемби).

Демек, +99878 150 33 44 телефон номери арқалы call-орайға қоңыраў етиўиңиз ҳәм пәтўа бойынша тәжирийбели қәнигелерден жуўап алыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.