Бүгин, 11-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шөлкемлестириўинде қарақалпақ халқының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 195 жыл толыўы мүнәсибети менен «Дала Орфейи – Әжинияз шайырдың 195 жыллығы» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияны институт ректоры Б.Отемуратов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз дүньяны терең ҳәм өткир танып, қарақалпақ халқының руўхый дүньясының байыўына үлкен үлес қосқан, әдебиятты тек ғана раўажландырып қоймастан, қоңсылас халықларға таныстырған уллы тулға болып табылады.

Өзи жасаған дәўирде феодаллық қатнасықлары ҳүким сүрип турған болса да, оның ақыл-ойы бир неше әсир алдыға раўажланып, «бул дүньяның көрки – адам баласы» екенлиги ҳаққында гуманистлик шешимге келгенлиги де оның адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип береди.

Оның әўладларға қалдырған бай әдебий мийрасын үйрениў ҳәм жыйнаў жумыслары өткен әсирдиң елиўинши жылларында басланған болса, И.Юсуповтың «Дала Орфейи», И.Сағытовтың «Әжинияз – қарақалпақ әдебиятының мақтанышы», А.Муртазаевтың «Әжинияз Қосыбай улының шығармалары ҳаққында гейпара түсиниклер» атамаларындағы мийнетлери арқалы оның қарақалпақ классик әдебиятындағы тәкирарланбас орны ашып берилген еди.

Соны айырықша атап өтиў орынлы, институтта классик шайыр Әжинияз Қосыбай улының дөретпелерин тереңирек үйрениў мақсетинде бир неше күнлерден берли усы конференция өз жумысларын алып барды. Шайырдың 195 жыллығы мүнәсибети менен академик Ж.Базарбаев басшылығындағы институт белсендилери тәрепинен «Әжинияз» атамасындағы шығармалар топламы баспадан шығарылды.

Топламға шайыр бабамыздың адам қәдири, муҳаббат, өмир нызамлықлары, әдеп-икрамлылық, әрманлы дүнья ҳаққындағы, тәрийп ҳәм арнаў, сағыныш ҳәм хошласыў, ҳәзил-дәлкек қосықлары, сондай-ақ, «Демишлер» шежиреси, Қыз Меңеш пенен айтысы және поэмалары киргизилди.

Илажда академик Ж.Базарбаев, филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов классик шайыр Әжинияздың қарақалпақ әдебиятындағы орны, өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның дөретпелериниң изертлениў мәселелерине арналған баянатларын жасады.

Конференцияда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер Ү.Әширбеков, Н.Аңсатбаев, «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы К.Реймов сөзге шығып, Әжинияздың әдебий мийрасын үйрениў бойынша пикир-усынысларын билдирди ҳәм конференция жумысларына табыслар тиледи.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм институттың «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамблиниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.