Жақында, Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы Нөкис қаласы агроном-инспекторлары «Нөкис көтере саўда»  базарында болып, дийқан-фермерлеримиз тәрепинен жетистирилип, сатыўға шығарылған аўыл хожалығы өнимлерин ҳәм қоймаханаларда сақланып атырған өнимлерди карантин бақлаўынан өткерди.

Бундағы мақсет-халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, карантин объектлери пайда болыўының ҳәм  тарқалыўының алдын алыўдан ибарат.

-Аўыл-хожалығындағы зыянкеслер менен кеселликлердиң пайда болыўына ўақтында орынланбаған агротехникалық илажлар себепши болады,-дейди  Нөкис қаласы агроном-инспекторы Рахат Алланиязов. – Сондай-ақ, өнимди  сақлаў жағдайында жол қойылған қәте-кемшиликлер себепли  айырым  зыянкеслердиң пайда болып тарқалыўына алып келеди.

Мәселен, «картошка күйеси»ниң тийкарғы ошағы – қоймаханалар  есапланады. Олар  көбинесе  ящиклердиң төменги бөлеклеринде ҳәм      қапталларында, имаратлардың бәрқулла сая түсип туратуғын дийўалларында   ушырасады. Тийкарғы қыслаў орны да усы қоймаханалар болып есапланады. Сонлықтан, биз агроном-инспекторлар қоймаханаларда карантин бақлаў жумысларын өткерип, анықланған жағдайларға байланыслы зыянсызландырыў (фумигация)  жумысларын алып барамыз.

– Өсимликти   карантин  бақлаўынан  өткериў  ўақтында,  қандай да  бир  гуман  пайда болса, сол өнимнен үлги алып лабораторияға  жиберемиз,-дейди Нөкис қаласы агроном-инспекторы Динара Халтурдыева. – Зыянланыўдың  тийкарғы  белгилериниң  бири, түйнек  ишинде ҳәм сыртында шығындылардың жыйналыўы, зыянланған өзеклердиң қурыўы, личинкалардың кирген орнында бир неше күннен кейин ашық қызыл рең пайда болады. Сақлаў орынларында күйе гүбелеги ҳәр түрли тесиклерге мәйеклерин қояды. Зыянланған картошканың көпшилик бөлеги ширип кетеди.

Аўыл-хожалығында мол ҳәм сапалы өним алыў тийкарғы ўазыйпалардың бири болса, жетистирген өнимди зыянкеслерден қорғаған ҳалда сақлаў да айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, өним бул  дийқан-фермерлердиң жыл бойы еткен мийнетиниң жемиси болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.