Москва қаласында 25-ноябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекетлик мәлимлеме агентликлери басшылары кеңеси (ҒМДА Мәлимлеме кеңеси)ниң XXVII мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Әзербайжан мәмлекетлик мәлимлеме агентлигиниң (АЗЕРТАДЖ) басқарма баслығы А.Асланов, Әрмения мәмлекетлик мәлимлеме агентлигиниң («АРМЕНПРЕСС») директоры А.Ананян, Беларусь телеграф агентлигиниң (БелТА) бас директоры И.Акулович, «Казинформ» Халықаралық мәлимлеме агентлигиниң бас редакторы Б.Танельбаева, «Кабар» Қырғызстан миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры К.Таабалдиев, «Ховар» Тәжикстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры С.Сиддиқ қатнасты. Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитети атынан мәлимлеме-таллаў департаментиниң директоры А.Заварзин, мәлимлеме ҳәм мәлимлемелестириў бөлиминиң баслығы И.Григорьев, ТАСС бас директорының биринши орынбасары М.Гусман және ТАСС ҒМДА ҳәм Балтықбойы мәмлекетлери секторының басшысы Б.Грушин қатнасты.

Мәжилисте ТАСС бас директоры С.Михайлов «1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳаққында» темасындағы баянаты менен қатнасты.

ТАСС бас директорының биринши орынбасары мәжилисти ашып: «Бүгинги мәжилисте биринши мәрте ҳүрметли мийманымыз – Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры Абдусаид Кўчимовтың қатнасып атырғаны оғада қуўанышлы жағдай. ҒМДА Мәлимлеме кеңесиниң барлық ағзаларының атынан кеңес шеңбериндеги ушырасыўларымыздың турақлы өткерилиўин тилеп қаламан. Бул кәсиплик байланыс шеңберин кеңейтиў, буннан былай да нәтийжели бирге ислесиўди даўам етиў ҳәм әлбетте жәмийетшиликти туўысқан мәмлекетлеримиздиң турмысы ҳаққында буннан былай да жедел, қалыс ҳәм толық хабардар етиў имканиятын береди»,-деди.

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАның бас директоры Абдусаид Кўчимов «ӨзА мәлимлеме агентлигиниң Уллы Жеңис күни юбилейин белгилеўге таярлығы ҳәм ҒМДА мәлимлеме кеңеси менен бирге ислесиў режелери» темасындағы баянат пенен қатнасты.

Мәжилис өз жумысын даўам еттирмекте. ҒМДА мәмлекетлик мәлимлеме агентликлериниң басшыларының Россия Федерациясы ҳүкиметиниң баслығы Дмитрий Медведев пенен ушырасыўы күтилмекте.

 

И.Абдухолиқов,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы.

Москва

ӨзА