Усы жыл 19-ноябрь күни Елликқала районындағы 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қараслы мобиль топарлар өз жумысын баслады.

Илажда район ҳәкими С.Авезов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, балалардың қамтып алыныўын кеңейтиў, тәлим-тәрбияның жаңа инновациялық алтерьнативлик формаларын енгизиў бойынша алып барылып аырған кең көлемли илажларға  тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 18-сентябрьдеги «Мобиль  топарлардың базасында мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин көрсетиў бойынша тәжирийбе-сынаў жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары  тийкарында Елликқала районының ең шетки «Чайка», «Кичик Гулдирсин» мәкан пуқаралар жыйынларында, «Қызылқум» аўыл пуқаралар жыйынында заманагөй талапларға жуўап беретуғын ҳәм қайта үскенеленген  ISUZU НС 40 автобусларында мобиль топарлар шөлкемлестириў режелестирилген еди. Усы мобиль топарларда хызметлердиң бийпул көрсетилиўи ең шетки аймақта жасаўшы халықтың перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў имканиятын береди. Бул жерде балалардың мазмунлы тәрбия алыўлары ушын барлық шараятлар жаратылған.

Усы күни «Қырыққыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қайта оңланған имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде райондағы «Медиум энерги стрим» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен 1 миллиард 300 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды.

Илаж қатнасыўшылары жаңадан пайдаланыўға тапсырылған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.