«Ҳуқуқий ахборот» каналының мәлим етиўинше ҳәмиледарлығы ямаса баласы бар екенлиги себепли ҳаял-қызларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў ҳәм олардың айлық мийнет ҳақысын азайтыў қадаған етиледи. Ҳәмиледар  ямаса үш жасқа толмаған баласы бар ҳаялды жумысқа қабыл етиўден бас тартылған жағдайда жумыс бериўши бас тартыўының себеплерин оларға жазба түрде мәлим етиўи шәрт. Бундай шахсларды жумысқа қабыл етиўден бас тартқанлығы ушын судқа шағым етилиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги