Усы жыл 25-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында мектеп оқыўшылары арасында шөлкемлестирилген «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Таңлаўда Хожели, Шымбай, Беруний, Шоманай, Кегейли районларынан келген мектеп оқыўшыларының командалары қатнасты.

Таңлаў бес шәрттен ибарат болып, онда оқыўшылар өзлериниң билимлерин, қәбилетлерин ҳәм сахна мәденият көрсетти. Қатнасыўшылардың сахналық шығыўлары 5-6 баллық системада баҳаланды. Оларды баҳалаў ушын Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинен қәнигелер мирәт етилди.

Таңлаў жуўмағында Кегейли районының «Юмор» командасы биринши, Хожели районының «Директордың балалары» командасы екинши, ал Шоманай районының «Гагарин» командасы үшинши орынды жеңип алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер ҳәм қәўендерлер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги