Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 24-октябрь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент метрополитениниң Юнусабад жөнелиси екинши басқышында алып барылып атырған қурылыс жумысларын көзден өткерди.

Соңғы жылларда Ташкент метрополитенин раўажландырыў, оның жаңа жөнелислерин иске қосыў ҳәм жолаўшыларға және де қолайлықлар жаратыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, қала транспорт системасын раўажландырыў стратегиясына муўапық, метрополитен халыққа пайтахттың қәлеген аймағына тез ҳәм қәўипсиз жетип алыў имканиятын береди. Буннан тысқары, барлық метро жөнелислеринде бийпул 28-F8 ислемекте, келеси жылдан Ташкент метрополитенинде мобиль байланыс системасын жолға қойыў режелестирилген. Булардың ҳәммеси жолаўшы тасыў көлемин бир неше есеге арттырыўға хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта усы жәмийетлик транспорт хызметинен күнине 240 мың жолаўшы пайдаланса, жәми 21 километрден ибарат үш жаңа – Юнусабад, Сергели ҳәм Қойлық жөнелислериниң қурылысы нәтийжесинде және 150 мыңнан аслам адам қамтып алынады. Бул халыққа үлкен қолайлық жаратыў менен бирге, көшелердеги автомобильлердиң тығылысын сапластырыў ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болады.

Президентимиздиң 2016-жыл 7-ноябрьдеги қарарына муўапық, қурылып атырған метрополитенниң Юнусабад жөнелисиниң екинши басқышы бул бағдардағы жумыслардың көлемин кеңейтеди.

Имараттың улыўма баҳасы 103,8 миллион доллар болып, қурылыс басланғанынан берли 67,5 миллион долларлық жумыс орынланған. «Шаҳристон» бәндиргисинен дерлик 3 километр жол тартылып, еки жаңа – «Юнусабад» ҳәм «Түркстан» станциялары қурылған. Туннельдиң оң тәрепи толық бураўланып, темир-бетон менен беккемленген. Шеп туннельди бураўлаў, сыртқы инженерлик-коммуникация системаларын көшириў тез күнде жуўмақланады. Жаңа метро бәндиргилеринде қурылыс-монтажлаў жумыслары жедел алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы «Түркстан» бәндиргисинде әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерип, қурылыстың сапасы ҳәм жолаўшылар ушын қолайлылығына айрықша итибар қаратты.

– Бул дөретиўшилик жумыслар халқымызға болған жоқары ҳүрметимиздиң көриниси болып есапланады. Сол себепли, ең әҳмийетлиси, сапаға итибар қаратыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Қурылыс жумысларына Германия технологиясы ҳәм қәнигелери тартылған. Сапа ҳәм қәўипсизлик те Германия стандартларына муўапық болады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерге өткен жылғы сапары ўақтында метрополитен ҳәм автобус қатнаўларын оптималластырыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Есап-санақларға қарағанда, бул басқыштың иске қосылыўы нәтийжесинде Юнусабад районында қатнайтуғын автобуслардың саны ҳәм аралығы бираз қысқарып, күнине 5,5 тонна жанылғы үнемленеди. Жолаўшылардың мәнзилине жетип алыўы 20 минутқа тезлеседи.

Усы жерде «Буюк ипак йўли» метро бәндиргисинен «Ташкент трактор заводы» автобәндиргисине шекемги таза жөнелис, Самарқанд халықаралық аэропортының жаңа терминалы жойбарларының презентациясы өткерилди.

Президент Чиланзар районындағы «Ориент керамик» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Мәмлекетимизде жергиликли шийки затты терең қайта ислеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Бул процессте экспортқа бағдарланған жаңа түрдеги бәсекиге шыдамлы қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм усы өнимлерге болған ишки талабын қанаатландырыўға айрықша итибар қаратылып атыр. Бул болса жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында кеңнен имканиятлар жаратпақта.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл Чиланзар районына сапары шеңберинде «Ориент керамик» кәрханасының жойбары менен танысып, оны өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша көрсетпелер берген еди. Оннан кейин кәрханаға Чиланзар районы аймағынан 3,6 гектар жер ажыратылды. Өткен ўақыт даўамында заманагөй кәрхананың имараты бой тиклеп, сырт елден керамика өнимлери ҳәм кафель ислеп шығаратуғын үскенелер алып келинип орнатылды.

Шавкат Мирзиёев бул кәрхананың өндирис процеси менен танысты, жумысшылар менен сөйлести.

Быйыл июль айында жумыс баслаған кәрхананың улыўма баҳасы дерлик 14 миллион доллар болып, жылына 3,6 миллион квадрат метр керамикалық өнимлер ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 270 жумысшы ҳәм қәниге мийнет етпекте.

Әҳмийетли тәрепи сонда, кәрхана өнимлери дерлик 100 процент жергиликли шийки заттан таярланбақта. Сол себепли бул жерде таярланып атырған кафельлер сырт елдикинен бир неше есе арзан баҳаларда ишки базарға шығарылмақта.

Ҳәзирги ўақытта кәрхана өнимлериниң 30 проценти Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Аўғанстанға экспорт етилмекте. Өткен айларда 500 мың долларлық өнимниң экспорты әмелге асырылған.

Президентимизге «Ориент керамик» ЖШЖ тәрепинен 2020-2021-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген жойбар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Улыўма баҳасы 25 миллион доллар болған жойбар шеңберинде жылына 7,3 миллион квадрат метр импорттың орнын басатуғын керамогранит кафельлер ислеп шығарыў нәзерде тутылған. Усы өнимлерден тийкарынан имарат ҳәм объектлердиң сыртқы бөлегин безеўде пайдаланылады. Кәрхана иске қосылғаннан кейин, және 700 жаңа жумыс орны жаратылады.

Өзбекстанда биринши рет әмелге асырылып атырған усы жойбар нәтийжесинде 120х60, 90х30, 80х40, 80х80 өлшеминдеги заманагөй кафельлер ислеп шығарыў жолға қойылады. Ҳәзирги ўақытта мине усындай өнимлер мәмлекетимизге толық импорт етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы усы жәмийет негизинде барлық ўәлаятларда киши кәрханалар шөлкемлестириў, логистикаға қолайлы орынлар ажыратып, оларды керамикалық өнимлер ислеп шығарыўшы кластер системасында ислетиў, өнимниң түрин көбейтип, баҳаны түсириў есесине экспорт көлемин арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы жерде Ташкент қаласында санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысына Чиланзар районының қубла-батыс санаат аймағында әмелге асырылған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Оған бола, 313 гектар майданда шөлкемлестирилген 256 кәрханада 9600 ден аслам жумыс орны жаратылған.

Шавкат Мирзиёев ҳәр бир жойбарды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң буйыртпасы ҳәм «Боштранслойиҳа» акционерлик жәмийетиниң жойбары тийкарында «Кўприк қурилиш трести» унитар кәрханасы тәрепинен қурылып атырған Ташкент метрополитениниң Сергели метро жөнелисинде қурылыс жумыслары ҳәўиж алған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жөнелисте алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

Жойбар шеңберинде узынлығы 7,1 километр болған метрополитен линиясы ҳәм 6 бәндиргиниң қурылыўы белгиленген. Объект қурылысына 82,6 миллион доллар қаржы жумсалады.

2017-2020-жылларда қурып питкерилиўи режелестирилген жойбар басланғаннан берли 42,44 миллион долларлық жумыс орынланған. Ҳәзирги ўақытта «Чоштепа», «Ташкент айланба жолы», «Сергели», «Афросиёб», «Қыпшақ» ҳәм «Шынар» сыяқлы 6 бәндиргиде қурылыс-монтажлаў жумыслары даўам етпекте.

Соның ишинде, «Ташкент айланба жолы» бәндиргисинде сыртқы фасадты мрамор менен қаплаў, электр жақтыландырыў ҳәм сыртқы безеў жумыслары жуўмақланған. Платформа бағаналарын монтажлаў жумыслары жуўмақланған. Бәндиргиниң жолаўшы платформасы металл конструкцияларын орнатыў жумыслары басланған.

«Сергели» бәндиргисинде фундамент қуйыў, котлован қазыў, гербиш өриў ҳәм эскалатор тырнағын қуйыў жумыслары толық жуўмақланған. Қалған бәндиргилерде де бундай жумыслар сапалы әмелге асырылған.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул метро линиясының әҳмийетли тәрепи сонда, ол тек ғана мәмлекетимиз емес, ал Орайлық Азияда да бүгинги күнге шекем қолланылмаған пүткиллей жаңаша эстакада усылында қурылмақта. Бәндиргилерде жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде арнаўлы лифт ҳәм эскалаторлар орнатылады.

Президентимизге метро жөнелисинде алып барылып атырған қурылыс жумыслары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Сергели жөнелиси Чиланзар линиясының «Алмазар» бәндиргисине жалғанады. Усы тәризде халық көп жасайтуғын Сергели районының қала орайы ҳәм басқа да районлар менен және бир қурал арқалы байланысады. Соның ишинде, Сергелиден метроға отырған жолаўшы «Буюк ипак йўли» бәндиргисине шекем басқа линияға өтпей жетип алыўы мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы Сергели жөнелисиниң Чиланзар жөнелисиндеги «Алмазар» бәндиргисине байланысатуғын бөлегинде әмелге асырылатуғын қурылыс жумысларын көзден өткерди.

Сергели районының раўажланып атырғаны, көп қабатлы жаңа турақ жайлар қурылып атырған көзқарасынан бул метро жөнелиси үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Жолаўшылардың метрополитенге шекем жетип алыўы ҳәм метрода ҳәрекетлениўи ушын жаратылатуғын шараятлар менен қызықты.

Шавкат Мирзиёев Яшнабад районына барып, жер асты айланба метросының қурылысы менен де танысты.

Мәмлекетимиз басшысы усы ири қурылыс процеси менен бир неше рет танысқан, қурылыс жумысларын және де раўажландырыў ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берген еди.

Узынлығы дерлик 55 километр болған ҳәм 35 бәндиргиден ибарат бул транспорт тармағы метро жойбарының баҳасы 422,3 миллион долларға тең. Жойбар бес басқышта әмелге асырылады. Дәслеп метроның «Дослық» бәндиргисинен «Қойлық» базарына шекем болған бөлеги қурылады. 11 километрлик аралықта 7 бәндирги қурыў мөлшерленген. Екинши басқышта «Қойлық» базары менен «Алмазор» бәндирги байланысады. Кейин «Беруний» бәндиргисине шекем, оннан кейин «Бадамзар» бәндиргисине шекемги бөлимлер қурылады. Кейинги басқышта болса айланба метро линиясы және «Дослық» бәндиргисине жалғанады.

Мәмлекетимиз басшысы жаңадан алып келинген поездға шығып, қурылысы жуўмақланған «Дослық-2» ҳәм «Оҳангарон» бәндиргилери аралығында жүрип көрди, станцияларда жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Ҳәзирги ўақытта «Дослық-2» – «Қойлық» жөнелисинде қурылыс жумыслары жедел даўам еттирилмекте. Қурылыс жумысларына 2 мыңнан аслам инженер ҳәм жумысшы, 300 ге шамалас техника тартылған.

Бәндиргилер жолаўшыларға қолайлық жарататуғын заманагөй технологиялар, жол кирейди электрон төлеў имканиятын беретуғын турникетлер, эскалатор менен үскенеленген.

«Қойлық» базарына шекем болған қалған аралығында да тырнағы қуйылып, таяныш орнатыў жумыслары жуўмақланған.

 

ӨзА